Мәҳәллелеримиз – абат ҳәм пайызлы мәканға айланбақта

147

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 13-августтағы “2025-жыл 22-23-август күнлери “Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки!” сүрени астында улыўмахалықлық қайырқомлық шембилигин өткериў ҳаққында”ғы пәрманы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2025-жыл 15-август күнги арнаўлы бийлигине тийкарланып республикамыз мәҳәллелеринде, көп қабатлы турақ жайлар, ҳәўлилер әтирапында, гүзарлар, қыябанлар, зыярат етиў орынлары, қойымшылықлар, көше ҳәм жолларды абаданластырыў және балалар майданшаларын тәртипке келтириў бойынша шембилик шөлкемлестирилди.

Өзинде ең ийгиликли мақсетлерди жәмлеген қайырқомлық шембилигинде жәми 486 628 адам қатнасты ҳәм олардан 170 319 ы жаслардан ибарат.

Еки күн даўам еткен қайырқомлық шембилигинде 2402 гектар майдан абаданластырылып, 1885 тонна турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары шығарып тасланды.

Бул илажларға 379 техника қураллары тартылып, усы техникалардың жәрдеминде 960 километрлик жап-салма ҳәм лотоклар тазаланды. 232 544 терекке тәрбия берилди. 13027 көше, 461 қойымшылық ҳәм 8 зыярат орынлары абаданластырылды. Сондай-ақ, 438 балалар ҳәм спорт майданшалары тәртипке келтирилди ҳәм оңланды.

“Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки!” сүрени астындағы қайырқомлық шембилиги шеңберинде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына да бир қатар мийрим-шәпәәт жәрдемлери көрсетилди. Атап айтқанда, 923 турақ жай оңлап берилип, 22850 шаңарақтың қыйтақ жерлери шүдигарланып, тәртипке келтирилди.

Соның менен бирге, 1812 жәрдемге мүтәж шаңараққа материаллық жәрдемлер көрсетилди. Соннан майып ҳәм жалғыз баслы кекселер 326 ды қурайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

А.Дабыловтың түсирген сүўретлери