2026-жылдың зүрәәти ушын бийдай егиў жумыслары басланды

Мийнеткеш дийқанларымыз тәрепинен 2026-жылғы зүрәәт ушын гүзги бийдай егиў жумысларына қызғын таярлықлар көрилип, районларда бул жумыслар қызғын басланып кетти.
Беруний ҳәм Елликқала районларында аўыл хожалығы тараўының басшылары, кластерлер ҳәм фермерлердиң қатнасыўында усы мәселелерге бағышланған көргизбели семинар өткерилди.
Беруний районындағы Наўайы ҳәм Елликқала районындағы Гүлдирсин аўыл пуқаралар жыйынларында жайласқан “Элдор Юлдошбой” ҳәм “Гүлдирсин парвози” фермер хожалықларында өткерилген семинарда 2026-жылдың зүрәәти ушын бийдай егиў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм пахта майданларында дефолиация жумысларын системалы шөлкемлестириў бойынша мәселелер додаланды.
Бул әҳмийетли илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Ш.Тешаев, район ҳәкимлери ҳәм тараў жуўапкерлери қатнасты.
Семинар даўамында бийдай егиў ҳәм пахта дефолиациясы бойынша алдыңғы тәжирийбелер көрсетилип, тараў қәнигелери өз-ара пикир алысты.
Илаждың ең толқынландырыўшы бөлеги – туқым себиў мәресими болды. Қатнасыўшылар биргеликте жерге туқым сеўип, 2026-жылдың зүрәәти ушын берекет тиледи.
Әлбетте, бундай мәресимлер келешекке үмит пенен қараў, мийнеткеш дийқанларымыздың пидәкерлик мийнетин қәдирлеў ҳәм тәбият пенен үйлесимли жасаўға умтылыўдың нышаны есапланады.

2026-жылдың зүрәәти ушын бийдай егиў жумыслары басқа районларда да даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги