Жаслар басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша бирге ислесиў меморандумына қол қойылды

Олий Мажлис Сенаты жанындағы Жаслар парламенти ҳәм Өзбекстан Республикасы Билимлендириўди раўажландырыў республикалық илимий-методикалық орайы арасында бирге ислесиў меморандумына ҳәм “жол картасы”на қол қойылды.
Илажда бул бирге ислесиў билимлендириў процесине инновациялық педагогикалық технологияларды енгизиў, ҳәзирги заман ҳәм жәмийеттиң талапларына жуўап беретуғын оқыў режелери, бағдарламалары және оқыў-методикалық әдебиятларды ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге қаратылғаны атап өтилди.
Тәреплер бирге ислесиў шеңберинде билимлендириўдиң сапасын арттырыў, жаслардың баслама ҳәм жойбарларын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, әҳмийетли мәселелерге бағышланған конференциялар, семинар-тренинглер ҳәм дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестириў режелестирилгенин атап өтти.
Соның менен бирге, жетекшилик, шешенлик шеберлиги ҳәм жойбар басқарыўы бойынша онлайн оқыў курсын жолға қойыў бойынша пикир алысылды.
Келешекте жаслардың жәмийетлик белсендилигин арттырыў мақсетинде орайдың “Келешек дөретиўшилери” жойбары шеңберинде де бир қатар илажлар әмелге асырылады.
Жаслардың санлы саўатлылығын арттырыў ҳәм виртуал мәканда қәўипсиз билимлендириў орталығын жаратыў мақсетинде киберқәўипсизлик мәселелери бойынша онлайн курс шөлкемлестириледи.
Н.Абдураимова, ӨзА