Өзбекстан делегациясы “Русский поле – 2025” форумында қатнасты

Усы күнлерде Россия Федерациясының Қазан қаласында селекция ҳәм туқымгершилик тараўына бағышланған “Русский поле – 2025” халықаралық форумы болып өтпекте. Онда дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлери қатарында Өзбекстан Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Туқымгершиликти раўажландырыў орайы директорының орынбасары Шермуҳаммад Аминов басшылығындағы делегация ағзалары да қатнаспақта.
Форум даўамында олар заманагөй селекция жетискенликлери, туқымлық ислеп шығарыў технологияларын жетилистириў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша тәжирийбе алмаспақта.




Туқымгершиликти раўажландырыў орайының мағлыўматына бола, бул форум Өзбекстанда туқымгершилик тараўын раўажландырыў ушын әҳмийетли майдан болып хызмет етпекте. Онда үйренилип атырған алдынғы тәжирийбелер келешекте сапалы туқым жетистириў процесслерин буннан былай да жетилистириў ҳәм аграр тармақтың нәтийжелилигин арттырыўға тийкар жаратады.
Гулноза Бобоева, ӨзА