Халықтың саламатлығын сақлаў жолында заманагөй шараятлар жаратылмақта

173

Хожели районлық Санитария -эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бѳлиминде пресс конференция болып өтти. Онда тараў қәнигелери менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. 

Илажда бөлим баслығы М.Утениязов бөлим тәрепинен алып барылып атырған жумыслар бойынша яғный, халықтың саламатлығын сақлаў бағдарындағы  жумыслар туўралы бир қатар мағлыўматлар бериў менен бирге, грант тийкарында жақында сырт еллерден алып келинген замаманагөй аппаратуралар менен тәмийинленгенлиги ҳәм сондай-ақ, «Басламалы бюжет» тийкарында имарат жанында қурылыс ислери алып барылып атырғанлығы бойынша журналистлерге мағлыўмат берилди.

Илажда атап өтилгениндей Хожели районлық Санитария-эпидемиология хызмети тәрепинен усы жылдың  6 айы  даўамында әмелге асырылған бир қатар профилактикалық жумыслар нәтийжесинде район халқы арасында иш сүзек, паратиф, ләӊ (полиомиелит), буўма, кѳк-жѳтел, қоқшол сыяқлы басқарылыўшы инфекциялар ҳәм  тырыспай, оба кесели, қутырыў, күйдирги, Қрым-Конго геморрагиялық ысытпа кеселлиги сыяқлы оғада қәўипли карантин кеселликлер анықланбаған. Өткир жуқпалы ишек кеселликлери менен 62 наўқас (ҳәр 100 мыӊ халық санына кеселлениў интенсив кѳрсеткиши 48,2), вируслы гепатит кеселлиги-8, инт. кѳр-6,2; туберкулёз кеселлиги-45, инт. кѳр-35,0; ге теӊ болды.

Халық арасында қутырыў кеселлиги анықланбады. Сол дәўирде район аймағында ҳайўанлар тислеўи нәтийжесинде 156  пуқара медициналық жәрдемге мүрәжат етип, соннан 42 «С» тайпадағы, 114 «Д» тайпа дағы ҳайўаннан жәбирленген пуқараларға қутырыў кеселиниӊ алдын алыў мақсетинде антирабик вакцина менен шаншыў ѳткерилди.

Район аймағында он жети орында күйдирги кеселлиги топырақ ошақлары  болып, жыллық жумыс жоба тийкарында кеселлик қозғатыўшыларын анықлаў мақсетинде ошақлардан топырақ үлгилери алынып, лабораторияларға үзликсиз тапсырып барылды. Усы жылдың 6 айы даўамында тексерилген үлгилерден қозғатыўшылар анықланбады.

Тырыспай кеселлигиниӊ алдын алыў мақсетинде тастыйқланған жоба тийкарында белгиленген орынлардан А-00 ге суў үлгилери алынып, бактериология лабораториясында тексерилип барылмақта. Тырыспай вибрионлари анықланған жағдайларда кеселлик халық арасында тарқалмаўы ушын тез эпидемияға қарсы илажлар ѳткерилиўи белгиленген.

Басқарылыўшы жуқпалы кеселликлерди алдын алыў мақсетинде емлеў жумысларын ѳткериў ушын 14  ЕПМде (РМБ, кѳп тармақлы филиаллары, аўыл шаӊараққа тийисли поликлиникалары ҳәм КВП) емлеў бѳлмелери шѳлкемлестирилген.  Басқарылыўшы жуқпалы кеселликлердиӊ алдын аыиў мақсетинде район аймағында 0-16 жас арасындағы балаларға 13 түрдеги кеселликке қарсы  вакцина менен шаншыў  жумыслары алып барылған. Атап айтқанда вируслы гепатит, қызылша, қызамық, эпид.паратит, тырыспай, кѳк жөтел, дифтерия кеселликлерине қарсы,  гемофилия, полиомиелит, ротавируслар, пневмококк  инфекцияларына  қарсы, қызлар арасында жатыр мойны рак кеселлигин алдын алыў мақсетинде профилактикалық шаншыў  жумыслары ѳткерилди.

Санластырыў сиясатын қоллап- қуўатлаў мақсетинде мәкемеде бир қатар жумыслар алып барылып, ҳәр тараў бойынша электрон бағдарламалар иске қосылды. Усы бағдарламалардың  иске қосылыўы менен бѳлимниң  жумысын бир қанша жеӊиллетиўге ерисилди.

Емлеў пунктлерине вакциналарды суўықлық шынжырын сақлаған ҳалда жеткериў мақсетинде керекли болған термосумка, контейнер, термоконтейнер, суўытқыш ҳәм музлатқышлар менен жетерлише тәмийинленди. Бѳлимниӊ вакцина сақлаў қойманханасындағы суўытқыш ҳәм музлатқышлардағы температураны қадағалаў ушын узақтан басқарылатуғын сенсорлы термодатчиклер орнатылды. Сондай-ақ, райондағы 13 шаншыў пунктлериндеги вакцинаторлар профилактикалық шаншыў жумыслары емлеў бағдарламасына жүклеў ушын планшетлер менен тәмийинленди. Санитария-гигиена лабораториясы усы жыл  даўамында ЮНОПС шөлкеми тәрепинен заманагөй типтеги 7 атамадағы әсбап-үскенелер менен тәмийинлениў белгиленген. Усы жылдың 6 айы дамаўында бактериология лабораториясы   микроскоп, термостат,  рН-метр, мембрана фильтр үскенелери менен тәмийинленди.  Буннан басқа 3 дана компьютер менен тәмийинленип, бактериология лабораториясына  анализ тапсырған хызметкерлер ҳәм пуқаралардыӊ дизимге алыў ҳәм нәтийжелерин бериў онлайн тәртипте исленип атыр. Буннан мақсет бактериология лабораторясына  анализ тапсырған хизметкерлер ҳәм пуқаралардыӊ нәтийжелери СМС арқалы қол телефонына барыў жолға қойылды.

Жуқпалы кеселликлердиӊ келип шығыўыныӊ алдын алыў ҳәм оларды ерте басқышларында анықлаў мақсетинде лабораториямызда 9667 анализ тексерилди. Сондай-ақ,  орайластырылған ишимлик суў тармағынан  957,   топырақтан 99, азық-аўқат  ѳнимлеринен  44 өткир ишек инфекциясинан  улыўма 2097, гемакултураға 60,  бруцеллёзға  554, дифтерияға  3,  Стафилакокк  241, Вируслы гепатиттиң В ҳәм С түрине 1102, холераға  42-анализлер  тексерилди.

Дийқан базар аймағында белгиленбеген орынларда сапасы кепилленбеген, үй шараятында таярланған, кѳрсеткишлери бойынша гүманлы деп табылған 753 кг азық-аўқат ѳнимлери саўдадан шетлетилди (забраковка). Дийқан базар ҳәм Автовокзал радиолары арқалы халық арасында «Аўқаттан зәҳәрлениў ҳәдийселери», «Ботулизм» кеселликлери, «Жеке гигиена қағыйдаларин сақлаў» темаларында  түсиндириў жумыслары алып барылды. Аўқаттан зәҳарлениўдиӊ алдын алыў бойынша МПЖ ларда үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Әлбетте, бөлим тәрепинен алып барылып атырған жумыслардың бағдары  халықтың саламатлығын сақлаў ҳәм жуқпалы кеселликлердиң алдын алыўда мәмлекетимизде пуқаралардың саламатлығын сақлаўда алып барылып атырған тийкарғы реформалардың орынланыўы ушын хызмет етеди.

Буннан соң илаж  қатнасыўшылары лабараторияларда жаратылған имканиятлар менен танысты. Грант тийкарында Германия мәмлекетинен алып келинген аппаратуралар ҳәм “Басламалы бюджет” бойынша алып барылып атырған қурылыс жумысларын көрди. Онда шығындыларды сыртқы ҳаўада өртеместен, зыянсызландыратуғын аппарат республикада биринши мәрте усы медициналық орынға алып келингени ҳәм оннан орынлы пайдаланып атырғанлығы дыққатқа ылайықлы болды. Бул аппаратлардың бәри де инсан өмирине қәўипсиз, ўақытты үнемлеў  ҳәм дәл,  анық ислеўи менен әҳмийетли.

Илаж соңында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тәрепинен берилген сораўларға бөлим қәнигелери тийисли жуўап берди.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.Ҳәбибуллаевтың түсирген сүўрети