Тақыятаста шембилик қызғын даўам етпекте

Бүгин ерте таңнан “Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки” сүрени астында улыўма халықлық қайырқомлық шембилигине Тақыятас районында старт берилди.
Илажда район ҳәкими Камилжан Айтбаев ҳәм ҳуқық қорғаў тараўы басшылары сөзге шығып, ең уллы, ең әзиз байрам – Ғәрезсизлик әййямын мүнәсип күтип алыў, Жаңа Өзбекстанда «шембилик» – дослық, аўызбиршилик, мийрим-шәпәәт, тазалық сыяқлы жақсы пазыйлетлерде, мәнзиллерди абат етиў, кеўиллерди жақты етиў сыяқлы ийгиликли ислерди әмелге асырыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди. Райондағы барлық мәкеме шөлкемлердиң хызметкерлери, мәҳәлле жетилиги қатнасыўында азанғы тарқатыў илажы болып өтти.

“Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле-елимиз көрки” сүрени астында өткерилип атырған улыўмахалықлық қайырқомлық шембилигинде район халқы да белсене қатнаспақта. Кәрхана ҳәм шөлкемлерде де абаданластырыў ҳәм имарат әтирапын гөззал көриниске келтириў мақсетинде ҳәр бир шөлкем хызметкерлери барлық жумысларда белсене қатнаспақта. Шембиликке қатнасыўшылардың мақсети бир, олда болса елимизди абат етиў ҳәм Ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллық байрамын мүнәсип күтип алыў.
Қарақалпақстан хабар агентлиги