Япониялы бирге ислесиўшилер Қарақалпақстан медицина институтында

148

Сырт еллер менен дослық байланыслар, бирге ислесиўлер басқа тараўлар сыяқлы медицина тараўында да соңғы ўақытларда жақсы жолға қойылған. Медицинада өзине тән раўажланыўлары менен жетекши орынға ийе болған Япония мәмлекетиниң  Жунтендо университети  профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлеринен ибарат делегация бүгин 22-август күни Қарақалпақстан медицина институтына келди.

Институт басшылары ҳәм мийманлар арасында өткерилген ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўдиң жаңа перспективалары додаланды. Атап айтқанда, клиникалық иммунология ҳәм мануал терапия бойынша илимий тәжирийбе алмасыў; фармация тараўында  жойбарларды жолға қойыў, алдынғы япон медициналық технологияларын енгизиў сондай-ақ, хызметкерлер ҳәм студентлер алмасыўы бағдарламаларын раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў даўамында Аралбойы аймағында денсаўлықты сақлаў менен байланыслы әҳмийетли машқалалар ҳәм оларды шешиў жолында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди. Мийманлар институттың билимлендириў процеси, заманагөй шараятлары ҳәм жас кадрларды таярлаўдағы жетискенликлери менен де жақыннан танысты.

Бул ушырасыў Қарақалпақстан медицина институтының халықаралық көлемде ашық-айдынлығы, инновациялық медициналық билимлерди енгизиў ҳәм жас қәнигелерди таярлаўдағы ҳәрекетлерине және де күш бағышлайды.

Делегация қатнасыўындағы илажлар даўам етпекте.

                                                                        Қарақалпақстан хабар агентлиги