Пуқаралардың мүрәжатлары бойынша көшпели қабыллаў өткерилди

Халықтың машқалаларын орнында үйрениў ҳәм шешиў мақсетинде орынларда шөлкемлестирилип атырған көшпели қабыллаўлар пуқаралардың мәмлекетлик уйымларға болған исенимин беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Усы мақсетте, Әмиўдәрья районы прокуроры Б.Машарипов тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары бойынша гезектеги қабыллаў шөлкемлестирилди. Қабыллаў процеси Мәҳәллелер аўқамы районлық бөлиминиң имаратында өткерилип, онда тийисли бөлим ҳәм шөлкемлердиң жуўапкер шахслары ҳәм пуқаралар қатнасты.
Илаж даўамында пуқаралар тәрепинен түрли бағдарлардағы машқалалар, усыныс ҳәм мүрәжатлар билдирилди. Соның ишинде, мәҳәллеге балалар майданшасын қурыў, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, көпир қурыў, материаллық жәрдем алыў, исбилерменлик ушын жер ажыратыўда әмелий жәрдем көрсетиў сыяқлы мәселелер көтерилди, – деп мағлыўмат берди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.
Мүрәжатлар үйренилип, айырымларына орнында шешим табылды. Қалғанларын тийисли шөлкемлер менен биргеликте шешиў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Соны айрықша атап өтиў керек, бундай ушырасыўлар халықтың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, пуқараларды қыйнап атырған әҳмийетли мәселелерге шешим табыўда нәтийжели қурал есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги