Әмиўдәрьялылар да улыўмахалықлық шембиликке белсене қатнаспақта

130

22-23-август күнлери елимиз бойлап “Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки” сүрени астында улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги өткерилмекте. Бул ийгиликли илажда әмиўдәрьялылар да жоқары белсендилик пенен қатнаспақта.

Әсиресе, районлық Санитария-епидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмиетлик саламатлық бөлиминиң хызметкерлери шембилик жумысларында белсене қатнасып, елимиз абаданлығы ҳәм қоршаған орталықтың тазалығына мүнәсип үлес қоспақта. Солардың қатарында Әмиўдәрья районы Медицина бирлеспесиниң жәмәәти де шембиликте белсене қатнаспақта.

Шембилик процесслеринде халық пенен бирге түрли шөлкемлер ҳәм мәкемелер, соның ишинде, билимлендириў тараўының ўәкиллери де үлкен күш пенен мийнет етпекте. Райондағы мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жәмәәтлери шембиликте қоршаған орталықты абаданластырыў, көклемзарластырыў жумысларында белсендилик көрсетпекте.


Сондай-ақ, 48-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жәмәәти бул илажда айрықша белсендилик көрсетип, мәҳәллениң көрки ҳәм тазалығын тәмийинлеўге шын кеўилден мийнет етпекте,- деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги кең көлемде, жоқары кейпиятта өткерилип атырғаны, жәмийетшиликтиң онда қатнасыўы ҳәм аўызбиршилиги арқалы елимиздеги мәҳәллелер және де абат ҳәм берекетли болары сөзсиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги