Шембилик адамларды бирлестириўге хызмет етпекте
134

“Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки!” сүрени астында өткерилип атырған қайырқомлық шембилиги Аўыл хожалығы министрлигинде де көтериңкилик руўхта өткерилмекте.
Министрлик хызметкерлери таң азаннан жумысқа кирисип, министрликтиң имараты әтирапын абаданластырыў, аймақты шығындылардан тазалаў ҳәм тереклерди ҳәклеў жумысларын әмелге асырды.



Әлбетте, бул қайырқомлық шембилиги тек ғана қоршаған орталықты тазалаўға емес, ал адамларды бирлестириўге, мийрим-шәпәәтти күшейтиўге ҳәм жәмийетте өз-ара жәрдем сезимин арттырыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги