Суўшылар да шембиликте белсендилик көрсетпекте

122

Ғәрезсизлик байрамы алдынан улыўмахалықлық қайырқомлық шембилигин шөлкемлестириў жақсы дәстүрге айланып, усы жылы да 22-23-август күнлери “Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки!” сүрени астында улыўмахалықлық қайырқомлық шембилигин өткериў нәзерде тутылды.

Бүгин таң азаннан Қарақалпақстандағы суў хожалығы шөлкемлеринде де усы улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги басланды,-деп хабар бермекте Суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хызмети.

Министрлик аппараты хызметкерлери ҳәм система шөлкемлериниң жәмәәтлери ҳәкимшилик имаратлардың әтирапларын тазалап, тәртипке келтирди.

Итибарлы тәрепи, шембилик шеңберинде районларда әмелге асырылып атырған жумыслардың көлеми кеңеймекте. Соның ишинде, каналларды бетонлаў жумысларына көбирек жумысшы күшлери тартылып, суўғарыў тармақларын тазалаў ҳәм тереклерди қайта ислеў жумыслары жедел даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги