Таза орталық – жарқын келешек

“Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки!” сүрени астында улыўма миллий қайырқомлық шембилиги шеңбериндеги илажлар Қанлыкөл районында да таң азаннан басланды.
Шембилик даўамында көшелер ҳәм жәмийетлик орынлар тазаланып, тереклерге сулыў көринис берилип, жасыл аймақлар тәртипке келтирилмекте. Сондай-ақ, турмыслық шығындылар шығарылып, ирригация системалары ҳәм пиядалар жоллары тазаланбақта.
Бул илажда районның барлық мәкеме ҳәм шөлкемлери белсене қатнаспақта.

Бундай илажларды өткериўден мақсет – районның санитариялық жағдайын жақсылаў, халыққа қолайлы орталық жаратыў ҳәм жәмийетлик жуўапкершиликти арттырыў, халықтың, әсиресе, жаслардың экологиялық мәдениятын арттырыў, қоршаған орталыққа болған дыққат-итибарын күшейтиў, ана тәбиятты келешек әўладлар ушын қәстерлеп-сақлаў, экологиялық жағдайды жақсылаў ҳәм қоршаған орталыққа унамсыз тәсирлердиң алдын алыў болып табылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги