Өз перзентиниң операциясы табыслы өткенинен қуўанған ана

143

Туўма жүрек нуқсаны менен туўылған балалар ушын бийпул имканият жаратылды,-деп хабар бермекте Қарақалпақстан медицина институты баспасөз хызмети.

Хабарыңыз бар, 18-23-август күнлери Ташкент қаласынан келген Академик В.Воҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургиялық орайы кардиохирурглары Қарақалпақстан медицина институты клиникасында жумыс алып бармақта.

Усы ҳәпте даўамында туўма жүрек нуқсаны менен туўылған балалар бийпул медициналық тексериўден өткерилмекте. Егер хирургиялық операция зәрүр деп табылса, операция да бийпул әмелге асырылмақта.

Усы күни нөкисли ана – Өтемуратова Әлийма өз перзентиниң операциясы табыслы өткенинен қатты қуўанышлы. Ол Ҳүрметли Президентимизге, кардиохирурглар бригадасына ҳәм Қарақалпақстан медицина институты клиникасының шыпакерлерине терең миннетдаршылық билдирди.

Ананың сөзлерине бола, узақ жыллар даўамында перзентиниң кеселлиги себепли қыйналған шаңарақ бүгин жаңа өмир ҳәм үмитке ийе болды.

Бул ийгиликли баслама тек ғана балалардың өмирин сақлап қоймастан, ал мыңлаған ата-аналарға да күш ҳәм исеним бағышламақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги