ИБШға ағза мәмлекетлер сыртқы ислер министрлери Жиддада мәжилис өткереди

129

Ислам бирге ислесиў шөлкемине (ИБШ) ағза мәмлекетлер сыртқы ислер министрлери   усы жылдың 25-август күни Саудия Арабстанының Жидда қаласында мәжилис өткереди. Бул ҳаққында “Anadolu”  мәлимлеме агентлиги ҳәм бир қанша  басылымлар мәлим етпекте.

Ушырасыўда Израиль-Палестина келиспеўшилиги, атап айтқанда, Газа секторындағы  жағдайдың додаланыўы күтилмекте.

Сондай-ақ,  БМШ Бас Ассамблеясы ҳәм Қәўипсизлик Кеңеси резолюцияларын әмелге асырыўда ИБШға ағза мәмлекетлердиң халықаралық дәрежеде ҳәрекетлерин бирлестириў жоллары көрип шығылады.

Хабарда  атап өтилиўинше,  илаж алдынан жоқары мәпдар шахслардың гезексиз таярлық мәжилиси екшемби күни болып өтеди. Онда резолюция ҳүжжетлерин таярлаў, сондай-ақ, сыртқы ислер министрлери кеңесиниң күн тәртиби ҳәм жумыс бағдарламасының жойбарын қабыл етиў нәзерде тутылған.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА