Исбилерменлерге жаңа имканиятлар есиги ашылмақта

Мүнәсибет
20-август – Исбилерменлер күни мүнәсибети менен Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи мәмлекетимизде исбилерменликти раўажландырыў жолындағы әҳмийетли тарийхый ўақыя болды. Бул ушырасыўда сөз етилген мәселелер ҳәм қабыл етилген қарарлар елимизде исбилерменлердиң жумысына және де кеңнен жол ашып бермекте.
Кейинги сегиз жыл ишинде елимизге 230 миллиард долларлық инвестиция кирип келип, соннан 120 миллиард доллардан асламы сырт ел инвестициялары екени – Өзбекстан экономикасының ашықлығы ҳәм тартымлылығынан дерек береди. Соның менен бирге, исбилерменлердиң мыңға шамалас басламасы нызамшылықта өз көринисин тапқаны олардың мәмлекетлик сиясаттағы орны ҳәм әҳмийети барған сайын артып атырғанын көрсетеди.
Быйыл аймақларда санаат инфраструктурасын жақсылаў ушын 1,7 триллион сум ажыратылғаны, келеси жылы болса бул қаржының 25 процентке арттырылатуғыны да исбилерменлер ушын үлкен қоллап-қуўатлаў болып есапланады. Сондай-ақ, туризм тараўын раўажландырыў мақсетинде мийманхана ҳәм орайлар шөлкемлестириў ушын келеси үш жылда 5 мың гектар жердиң аукционға шығарылыўы ҳәм исбилерменлердиң жер ушын төлемнен азат етилиўи – елимизде туризм тараўын пүткиллей жаңа басқышқа көтериўге хызмет етеди.
Президентимиз шығып сөйлеген сөзинде айрықша атап өтилген бағдарлардан бири – жеке меншик медицина тараўы болды. Соңғы жети жылда жеке меншик клиникалардың саны 3,5 мыңнан 8,5 мыңға жеткени бул тараўдың избе-из раўажланып атырғанын көрсетеди. Бул арқалы тараўға топланған тәжирийбе, заманагөй технологиялар ҳәм маман кадрлардың сапа көрсеткишлерин де кескин жақсылады.
Ең әҳмийетлиси, шегара аймақларында заманагөй медицина кластерлерин шөлкемлестириў режелестирилмекте. Оларда клиника, реабилитация орайы, мийманхана ҳәм лабораториялар жумыс алып барады. Бундай жойбарларды әмелге асырыў ушын мәмлекет тәрепинен 200 миллион долларлық жеңиллетилген кредит линиясының ашылыўы, исбилерменлерге 7 жыл мүддетке, 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 17 процентлик кредитлер ажыратылыўы – тараў ўәкиллери ушын үлкен имканият болып есапланады.
Биз, жеке меншик медицина тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлер, бундай қоллап-қуўатлаў сиясатынан терең миннетдармыз. Президентимиз тәрепинен билдирилген ҳәр бир баслама тек ғана тараўдың раўажланыўына емес, ал халықтың саламат турмыс кешириўине хызмет етеди.
Жеке меншик клиниканың басшысы ҳәм депутат сыпатында бизге жаратылған бул имканиятларды мүнәсип қоллап-қуўатлап, мәмлекетимиздиң раўажланыўы, халқымыздың денсаўлығы ҳәм абаданлығы ушын шын кеўилден хызмет ететуғынымызды атап өтпекшимен.
Ашык сәўбетлесиў исбилерменлик ҳәм тараўдың раўажланыўында жаңа басқыштың тийкары болып, исбилерменлер ушын жаңа имканиятлар есигин ашты. Онда билдирилген пикир-усыныслар әмелий шешимлер ислеп шығыўға, тараў жумысын нәтийжели бағдарлаўға хызмет етеди. Сондай-ақ, исбилерменлер арасындағы бирге ислесиўди күшейтип, инновациялық идеялар ҳәм жаңа басламаларды турмысқа енгизиўге ийтермелемекте.
Бул болса тек ғана жумысымызды және де жанландырыў емес, ал экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў жолында айрықша қәдем сыпатында әҳмийетке ийе.
Бахтияр Отелбаев,
Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң депутаты,
райондағы “Соғлом юрак клиникасы” жеке меншик кәрханасының баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги