Коррупцияға қарсы гүресиўде комплаенс-қадағалаў бөлимлериниң жумысы күшейтиледи

Усы жыл 5-мартта Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы коррупция реформалар жолындағы ең үлкен тосқынлық екенин атап өтти.
Коррупцияның алдын алыў – мәмлекетлик хызметке профессионал ҳәм пидайы кадрларды таңлаў және оларды “ҳадаллық вакцинасы” менен шаншыўдан басланатуғыны атап өтилди.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң жумыс усылы өзгертилетуғыны белгиленди. Тәжирийбе тәризинде Денсаўлықты сақлаў, Қурылыс, Суў хожалығы министрликлери, “Өзнефтьгаз” ҳәм “Өзсуўтәмийнат” акционерлик жәмийетлериниң комплаенс қадағалаўы агентликке өткерилди.
Ҳәзирги ўақытта бул тәжирийбе өзин ақлап атырғаны коррупция жағдайларын анықлаў ҳәм оларға шек қойыў бойынша исленип атырған әмелий жумысларда көринбекте.

Бул мәжилисте белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде Агентлик тәрепинен Ташкент қаласында коррупцияға қарсы ишки қадағалаў (комплаенс) бөлимлериниң нәтийжелилигин арттырыўға бағышланған интенсив оқыў курслары шөлкемлестирилди.
Онда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң орайлық, аймақлық ҳәм қарамағындағы системалы шөлкемлердеги коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлимлериниң 500 ден аслам хызметкери қатнасты.
Бул оқыў бағдарламасы тараўда қабыл етилген тийкарғы қарарлар ҳәм нормативлик ҳүжжетлерди таллаў, “е-аnticor.uz” платформасы ҳәм оның жаңа модули менен ислесиў, сондай-ақ, 2024-жылғы рейтинг баҳалаў нәтийжелери бойынша жол қойылған қәтелерди таллаўды қамтып алды.
Қатнасыўшылар мирәт етилген сырт елли экспертлер менен мәплер соқлығысыўын басқарыў, мәмлекетлик хызметкерлердиң коррупция қәўип-қәтерлерине шыдамлылығын баҳалаў ҳәм оларды азайтыўдың алдынғы сырт ел тәжирийбеси ҳәм усылларын қолланыў бойынша әмелий сабақларда қатнасты.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде коррупцияға қарсы ишки қадағалаў системасын нәтийжели енгизиўде ушырасып атырған машқалалар, жумысты тәртипке салыўшы нормативлик ҳүжжетлерди әмелиятқа енгизиўде жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер додаланып, жумысты буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығылды.
Н.Абдураимова,
ӨзА