Елимиз бойлап ийгиликли мақсетлерди өзинде жәмлеген илаж басланды

136

Шынында да, ғәрезсизлик себепли елимиз суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекетке, халықаралық ҳуқықтың толық субъектине айланды. Жер жүзиндеги түрли мәмлекетлер ҳәм халықлар менен дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларымыз барған сайын кеңейип, елимиздиң халықаралық майдандағы абырайы артып бармақта.

Аймақларда халықтың кең қатламлары арасында Ғәрезсизлик байрамына бағышланған руўхый-ағартыўшылық әнжуманлар, ушырасыўлар, ашық пикирлесиў ҳәм сәўбетлесиўлер, әдебий-көркем кешелер, сейиллер, мәденият ҳәм спорт илажлары өткериледи.

Еки күн даўамында елимиз бойлап “Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки!” сүрени астында өткерилип атырған улыўмахалықлық қайырқомлық шембилиги де усындай ийгиликли мақсетлерди өзинде жәмлеген.

Қарақалпақстан Республикасы бойынша усы шембиликке еки күн даўамында 500 мыңғы шамалас пуқараның қатнасыўы күтилмекте. Соннан 172 мыңға шамаласын жаслар қурайды. 2418 гектар майдан абаданластырылады, 1900 тонна турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары шығарып тасланады, 981 километрлик жап-салма ҳәм лотоклар тазаланады. Бул жумысларға 377 техника қураллары тартылады. 461 қойымшылық, 8 зыярат етиў орынлары, 13288 көше тазаланып абаданластырылып, 235388 терекке сулыў көринис берилип, ҳәкленеди. 428 балалардың ойнаў майданшалары оңланып, тәртипке келтириледи. 23 мыңнан аслам хожалықтың қыйтақ жерлери аўдарылып, абаданластырылады. 943 шаңараққа тийисли турақ жайлар оңлаўдан өткериледи. 1851 жәрдемге мүтәж шаңараққа материаллық жәрдем көрсетиледи.

Әлбетте, булардың барлығы буннан отыз төрт жыл алдын қолға киргизилген миллий ғәрезсизлигимиз, бүгинги күнде көп миллетли пүткил халқымызды Жаңа Өзбекстанды қурыўдай уллы мақсет жолында бирлестирип, жаңа жетискенликлер ҳәм шеклерге қарай руўхландырады.

Республикамыз бойлап қайырқомлық шембилиги басланып, қызғын даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги