Жас қәнигелер ушын заманагөй талаплар тийкарында жаңа жумыс орынлары жаратылады

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине бағышланған мәжилисте жас қәнигелер ушын заманагөй талаплар тийкарында жаңа жумыс орынларын жаратыў мәселелерине итибар қаратылды.
Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары Одилжон Маматкаримов бул бойынша мүнәсибет билдирди:
– Мәмлекетимиз басшысы глобалласыў дәўиринде мийнет базары тек ғана сан менен емес, ал сапа менен де баҳаланатуғынына тоқтап өтти. Жақын жылларда елимизде иске қосылыўы режелестирилген 83 миллиард долларлық ири жойбарлар нәтийжесинде санааттың өзинде 500 мыңға шамалас маман қәнигелерге талап пайда болатуғыны атап өтилди.
Бул болса, бәсекиге шыдамлы, заманагөй технологияларды пуқта ийелеген, жаңалыққа тез бейимлесе алатуғын, халықаралық стандартларға жуўап беретуғын қәнигелер керек екенлигин аңлатады.
Сонлықтан, жоқары билимлендириў системасын жумыс бериўшилердиң талапларына бейимлестириў, оқыў бағдарламаларын тараўдың раўажланыўы ҳәм технологиялық жаңалықларға бейимлестириў әҳмийетли ҳәм тийкарғы ўазыйпаға айланыўы керек.
Бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаў ушын, әлбетте, оқыў процесин өндирис пенен интеграциялаў, әмелият көлемин көбейтиў, тараў қәнигелери менен тиккелей ислесиў ҳәм билимлендириўди инновациялық технологиялар менен байытыў зәрүр.
Мәжилисте атап өтилген әҳмийетли мәселелерден бири – баҳасы 1 миллион доллардан, жумысшылардың саны 50 ден аслам болған жойбарлар бойынша қәнигелерге зәрүрликти анықлаў болып есапланады. Бул арқалы жуўапкер министр ҳәм тармақ басшысы жоқары оқыў орнына буйыртпа жайластырып, кадрларды мақсетли таярлаўды жолға қояды.
Бундай қатнас нәтийжесинде студентлер келешекте қандай жумыс орнына ийе болатуғынын жақсы биледи. Жумыс бериўшилер болса мүтәжлигине қарап пуқта таярланған қәнигелерди қабыл етеди.
Бул система “диплом бар, жумыс жоқ” машқаласын азайтады, жоқары билимлендириў ҳәм өндирис арасындағы үзилисти сапластырады ҳәм питкериўшилердиң мийнет базарында бәсекиге шыдамлы болыўын тәмийинлейди.
Соның менен бирге, жоқары оқыў орынлары оқыў бағдарламаларын базар талапларына жедел бейимлестириў, әмелият базасын кеңейтиў ҳәм кадрлар таярлаўдың сапасын арттырыў керек болады.
Ендигиден былай питкериўшини жумысқа алған кәрхана исбилерменлик рейтингинде қосымша баллға ийе болады. Бул механизм кәрханаларды тек ғана пайда алыў емес, ал өз рейтингин ҳәм базардағы абырайын арттырыў ушын да жас қәнигелерди жумысқа алыўға ийтермелейди.
Буннан тысқары, ҳәр бир ўәлаятта “бизнес инкубатор”лар шөлкемлестирилиўи ҳәм бул арқалы питкериўшилерди бәнт етиў басламасы алға қойылды. Бул болса жергиликли экономиканы раўажландырыў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм инновациялық идеяларды әмелиятқа енгизиўде үлкен әҳмийетке ийе.
Бундай инкубаторлар исбилерменлик, маркетинг, дизайн ҳәм мәлимлеме технологиялары сыяқлы заманагөй ҳәм жоқары талапқа ийе бағдарлардағы қәнигелерге қәбилетин көрсетиўге имканият береди.
Соның менен бирге, ҳәр бир аймақта 10 мыңға шамалас питкериўшиниң жумыс пенен тәмийинлениўи, олардың маманлығы базар талапларына сәйкес түрде қәлиплесиўи арқалы жергиликли бизнестиң бәсекиге шыдамлылығы артыўы күтилмекте.
Демек, енди жаслар тек ғана жумыс орны емес, ал өз стартап ҳәм жойбарларын әмелге асырыў ушын зәрүр шараятларға ийе болады.
Бул баслама аймақларда жаңа жумыс орынларының тең бөлистирилиўи ҳәм жаслардың мәжбүрий миграциясы азайыўына жәрдем беретуғыны сөзсиз.
Бүгинги күнде исбилерменлик, маркетинг, дизайн ҳәм мәлимлеме технологиялары сыяқлы бағдарлар заманагөй экономиканың ең тез раўажланып атырған сегментлери болып, оларда жумыс орынларын жаратыў салыстырмалы тез ҳәм аз қәрежет пенен әмелге асады. Әсиресе, IT ҳәм дизайн глобал базарға шығыў имканиятын береди. Бул болса, экспорт дәраматларын арттырыўға да хызмет етеди.
Мәмлекет экономикасының стратегиялық тармақлары химия, энергетика, геология, автосанаат, металлургия, тоқымашылық, электротехника, қурылыс, транспорт ҳәм логистика тараўларында жасларды жумыс пенен тәмийинлеў имканиятлары да бар.
Бул тараўлар тек ғана ири өндирис қуўатлылықларына ийе емес, ал заманагөй технологияларды енгизиў, инновациялар жаратыў ҳәм хызмет көрсетиў бағдарларында да үлкен потенциалға ийе.
Жаслардың бул тармақларға тартылыўы олардың профессионал раўажланыўын жеделлестиреди, жаңа қәнигелик ҳәм көнликпелерди қәлиплестиреди, кадрлар базарында бәсекиге шыдамлылығын арттырады.
Жуўмақ орнында айтыў мүмкин, бул бағдарда мәмлекетимиз басшысы системалы қатнасты белгилеп берди. Алға қойылған басламалардың әмелиятқа енгизилиўи билимлендириў ҳәм өндирис арасындағы үзилисти сапластырып, жаслардың тез ҳәм сапалы жумысқа жайласыўына тийкар жаратады.
ӨзА