Руўхыйлық арқалы оянып атырған миллет

Шолыў
Миллеттиң қайта туўылыўы, бәринен бурын, жүректе жүз беретуғын руўхый ояныў болып табылады. Өзлигин аңлаған, тарийхы ҳәм келешеги ушын жуўапкершиликти сезинген халық ғана жоқары раўажланыўға исенимли умтылады. Бул бойинша уллы ағартыўшы Абдулла Авлонийдиң “Миллеттиң руўхый тәрбиясыз камалға келиўи мүмкин емес. Руўхыйлық – миллеттиң пайдасы, минез-қулқы, көзқарасы, адамгершиликке ҳәм илимге болған мүнәсибети” деген сөзлери бүгинги реформалардың мәнисин және де терең аңлаўға жәрдем береди.
Усы мәнисте, жаңа Өзбекстанда болып атырған реформалардың мазмуны да руўхыйлықты тиклеў, жәмийетлик сананы жоқарылатыў, халық қәлбинде мақтаныш ҳәм аўызбиршилик сезимин қәлиплестириўге хызмет етпекте.
Жаңа Өзбекстанның табыслы келешегин көз алдымызға келтириўде мәнаўият енди әпиўайы идеологиялық қурал емес, ал пуқаралық жәмийетин қәлиплестириўши, мәмлекет турақлылығын тәмийинлеўши стратегиялық тийкар сыпатында ортаға шықпақта. Бул тийкарды беккемлеўде болса Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли ҳәм терең руўхый реформалар шешиўши орын ийелемекте.
Бул бағдарда мәнаўиятқа байланыслы ҳәр бир баслама, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларындағы ҳәр бир өзгерис инсан қәлбине қаратылмақта. Көркем өнер ҳәм мәнаўият арқалы ҳәр бир инсанда миллетке, жәмийетке тийислилик сезимин оятыў тийкарғы мақсетке айланған.
Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған системалы реформалар нәтийжесинде дөретиўшилерге жаратылып атырған имканиятлар, миллий мийрасты қәстерлеп сақлаў ҳәм дүнья көлеминде үгит-нәсиятлаў бағдарындағы илажлар – булардың барлығы улыўма миллий ояныўға үлес қоспақта.
Бул процесслер Қарақалпақстан Республикасында да айқын көзге тасланбақта. Бул үлке тек ғана мәдений ҳәр түрлилик тымсалы емес, ал Өзбекстандағы миллетлераралық дослық, кеңпейиллик ҳәм руўхый уқсаслық сиясатында әҳмийетли буўын болып есапланады. Президентимиздиң Қарақалпақстанға сапарлары ўақтында дөретиўшилер, нураныйлар ҳәм жаслар менен ушырасыўлардағы сөйлесиўлери, оларға көрсетилип атырған ғамқорлық, мәденият ҳәм руўхыйлыққа қаратылып атырған итибар – булар улыўма миллий идеяның, мақсетлердиң әмелий көринислери болып есапланады. Олар халықтың өзин-өзи аңлаўы, жәмийеттиң бирлесиўи ҳәм келешекке исеним менен қараўына хызмет етпекте.
Қарақалпақ халқының бай ҳәм бийтәкирар мәденияты тек ғана өзине тән дәстүр ҳәм қәдириятлар емес, ал улыўма миллий руўхыйлық ғәзийнесиниң әҳмийетли бөлеги сыпатында тән алынады. Әсирлер даўамында қәлиплескен халық аўызеки дөретиўшилиги, фольклор дәстүрлери, миллий аяқ ойынлар ҳәм намалар, мақам ҳәм музыка түрлери, әсиресе, қарақалпақ бақсы-жыраўларының атқарыўындағы миллий фольклор үлгилери, шох жигит-қызлардың тәкирарланбас аяқ ойынлары, “Саҳра бүлбиллери” деп тән алынған жағымлы ҳаўазлы қосықшылар атқарыўындағы қосықлар халықтың руўхый күши ҳәм тарийхый ой-пикирин сәўлелендирип келген.
Соның ушын Президентимиз Шавкат Мирзиёев: “Қарақалпақ көркем өнери – дүньяда теңи-тайы жоқ, бийтәкирар байлық”, деп тән алған еди. Бул сөзлер тек ғана дөретиўшилерге емес, ал пүткил халқымызға шексиз мақтаныш бағышлайды. Өз гезегинде, жуўапкершилигимизди де арттырады.
Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барып атырған “Айқулаш” қарақалпақ мәмлекетлик фольклор ансамбли де мине усындай итибардың нәтийжесинде раўажланбақта. Бул жәмәәт өзиниң 70 жыллық жумысы даўамында елимиз ҳәм халықаралық көлемде миллий дәстүрлеримизди кеңнен үгит-нәсиятлап келмекте.
Қарақалпақ көркем өнери тек ғана эстетикалық тәрбия емес, ал халқымыздың тарийхый ядын, тилин, үрп-әдетлерин ҳәм миллий өзлигин сақлап қалыўда шексиз әҳмийетке ийе мәдений қурал болып табылады. Әсиресе, фольклор ҳәм нама-дәстанлар арқалы әсирлер даўамында жасап киятырған тарийхый ўақыялар, қаҳарманлық образлары, ески дәстүрлер ҳәм турмыс тәризи жас әўладтың санасына сиңдирилип, миллий ой-пикир бағдары беккемленбекте. Мәселен, “Алпамыс”, “Едиге” ҳәм “Қырық қыз” сыяқлы дәстанларда халық қаҳарманларының мәртлиги, ел-журтын қорғаў жолындағы садықлығы, уллы пазыйлетлери айқын көрсетилген. Бул образлар перзентлеримизди Ўатанға муҳаббат, көркем зийреклик ҳәм пидайылық руўхында тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Бул процессте билимлендириў мәкемелери, дөретиўшилик мектеплери ҳәм халық ансамбльлериниң орны айрықша. Әсиресе, Қарақалпақстанда дүзилген дөретиўшилик мектеплери, жас талант ийелерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде әмелге асырылып атырған грант системасы ҳәм фольклор ансамбльлериниң жумысы миллий өзликти сақлаў ҳәм жоқарылатыўға қаратылған мәмлекетлик сиясаттың бир бөлеги сыпатында көриледи. Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыўға байланыслы бундай системалы қатнас Президентимиздиң басшылығында миллий бирлик ҳәм руўхый турақлылықты тәмийинлеўде де әҳмийетли тийкар болмақта.
Қарақалпақ көркем өнери бүгин тек ғана аймақлық байлық емес, ал миллий өзлигимиздиң айқын тымсалы сыпатында мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Бул процессте ҳәр бир дөретиўши, устаз ҳәм жас қатнасыўшы – тарийх ҳәм келешекти үйлестиретуғын руўхый елшиге айланбақта.
Жаңа Өзбекстан шараятында мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыў тек ғана социаллық талап емес, ал миллий тиклениў процесиниң стратегиялық ўазыйпасы сыпатында ортаға шықты. Бул бағдарда Президентимиздиң басшылығында қабыл етилген бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер, тараўды түп-тийкарынан раўажландырыўға қаратылған системалы қарар ҳәм пәрманлар қарақалпақ көркем өнери ҳәм мәденияты ушын да жаңа дәўирди баслап бергени ҳақыйқат.
Соның ишинде, 2021-жыл 7-июньдеги Өзбекстан Республикасының нызамына муўапық ҳәр жылы 15-апрель сәнеси рәсмий түрде “Мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери күни” сыпатында белгиленип, дөретиўшилердиң жәмийеттеги орны ҳәм абырайы жоқары дәрежеде тән алынды.
Бул сиясий қатнастың және бир әмелий көриниси сыпатында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Мәдениятты қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилди. Бул қорға республикалық бюджет есабынан 20 млрд. сум қаржы ажыратылыўы мәдениятқа болған итибардың әҳмийетли көрсеткиши болды. Бул фонд арқалы бир қатар мәденият мәкемелери техникалық ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатланды, дөретиўшилик жәмәәтлер ушын заманагөй автобуслар сатып алынды, сахна кийимлери жаңаланды, фольклор ансамбльлериниң жумысын кеңейтиў ушын шараятлар жаратылды.
Бүгинги күнде Қарақалпақстанда жумыс алып барып атырған “Айқулаш” мәмлекетлик фольклор ансамблиниң халықаралық көлемдеги белсендилиги жаратылған имканиятлардың нәтийжеси болып есапланады. Жәмәәт жақында Италияда болып өткен халықаралық фольклор фестивалында мүнәсип қатнасыў имканиятына ийе болды.
Сондай-ақ, Қарақалпақстандағы мәденият мәкемелери оңланбақта, жаңа имаратлар қурылмақта. Театрлардың гастроль сапарлары шөлкемлестирилмекте. Президенттиң басламасы менен билимлендириў мәкемелери жанында дөретиўшилик мектеплери шөлкемлестирилип, фольклор көркем өнерин үйретиўши бағдарламалар жаратылмақта. Бул болса мәденият тараўына кадрлар таярлаўда, миллий өзликти жас әўлад санасына сиңдириўде де әҳмийетли ўазыйпаны атқармақта.
Тараўдағы және бир әҳмийетли жаңалық – халықаралық фольклор фестивалларының жолға қойылғаны ҳәм дәстүрий түс ала баслағаны болды. Бул фестиваллар арқалы тек ғана елимиздиң фольклоры емес, ал Қарақалпақстанның бийтәкирар нама-қосықлары, аяқ ойынлары ҳәм музыка әсбаплары кеңнен көрсетилмекте. Бундай илажлар миллий мәденияттың жәҳән мәдений мийрасында мүнәсип орын ийелеўин тәмийинлеўи менен итибарға ылайық.
Бир сөз бенен айтқанда, тараўдағы мәмлекетлик сиясат ҳәм халықаралық жойбарларда белсене қатнасыў Қарақалпақстанда көркем өнер ҳәм мәденияттың буннан былай да раўажланып, жаңа Өзбекстанның руўхый раўажланыўының ажыралмас бөлегине айланып атырғанын айқын көрсетпекте. Мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы жаңа қатнасық модели көркем өнердиң ҳақыйқый қүдирети – миллетти оятыў потенциалын және де ашып берди.
Бүгинги күнде Өзбекстанда руўхыйлыққа сүйенген сиясий ҳәм социаллық реформалар мәмлекетте де, халықаралық көлемде де жоқары баҳаланбақта. Бул процесс халық санасында мақтаныш ҳәм жуўапкершилик сезимин күшейтип, жәмийетте жаңа руўх ҳәм жаңа орталық жаратыўға хызмет етпекте.
Президентимиздиӊ басшылығындағы руўхый сиясат сөзде емес, әмелде ҳәр бир пуқараның турмысына кирип барыўы арқалы миллий тиклениўди хошаметлемекте.
Қарақалпақстандағы руўхый-мәдений раўажланыўлар тек ғана аймақтың раўажланыўы емес, ал жаңа Өзбекстанның улыўма миллий раўажланыў стратегиясы менен үнлес ҳалда әмелге аспақта. Бул жол турақлы раўажланыў ҳәм руўхый жетик әўладты тәрбиялаўдың беккем тийкары болып хызмет етеди.
Гулхатша АЙЫМБЕТОВА,
Қарақалпақстан Республикасы
“Айқулаш” қарақалпақ мәмлекетлик миллий
фольклор ансамблиниң вокал артисти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
«Халқ сўзи» газетасы 2025-жыл 16-август, №167 (9062)