Өзбекстан Миллий музейи қурылысы бойынша бирге ислесиў мәселелери додаланды

Елимиздиң тарийхы, өзине тән мәдений ҳәм материаллық мийрасы дүнья халқын ҳәмийше таң қалдырып келген. Тарийхый мийрасты заманагөй ҳәм өзине тән көркем көзқараслар менен жәмлестирген, сақлаған ҳәм үйлестирген ҳалда бүгинги ҳәм келешек әўладларға жеткериў бәрқулла әҳмийетли болып есапланған.
Пекин қаласында Өзбекстан Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының баслығы Гаяне Умерова Қытай мәмлекетлик қурылыс инженерлик корпорациясы халықаралық бөлиминиң баслығы мырза Гао Бо менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыў орайында белгили япон архитекторы Тадао Андо тәрепинен ислеп шығылып атырған жаңа Өзбекстан Миллий музейиниң қурылысы бойынша бирге ислесиў мәселелери додаланды, делинеди Өзбекстан Республикасы Мәдений мийрас агентлиги мағлыўматында. Жойбар әмелге асырылғаннан соң, мәмлекетимиздиң тарийхый мийрасы ҳәм заманагөй көркем көзқарасларын үйлестирген жаңа мәдений символға айланады.
Тәреплер қурылатуғын комплекстиң архитектуралық шешимлери, сапасы, бул бағдарда беккем ҳәм шыдамлы материаллардан пайдаланыў ҳәм алдынғы халықаралық тәжирийбелерди енгизиўге айрықша итибар қаратты. Биргеликтеги ҳәрекетлер нәтийжесинде жойбар ең жоқары дәрежеде әмелге асырылып, Өзбекстан ҳәм пүткил Орайлық Азияның жетекши мәдений орайына айланыўы күтилмекте.
ӨзА