“Zakovat Asian Cup II”: Өзбекстан жаслары билим майданында жеңиске еристи

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жаслардың интеллектуаллық потенциалын раўажландырыўға қаратылған реформалар ҳәм басламалар бүгин өз нәтийжесин бермекте.
Президентимиздиң “Заковат” интеллектуаллық ойынын халық арасында ғалабалық-ағартыўшылық ҳәрекетке айландырыў ҳәм басқа да интеллектуаллық ойынларды раўажландырыўға байланыслы илажлар ҳаққында”ғы қарары бул бағдарда әҳмийетли бағдарлама болмақта. Атап өтилгениндей, жаслардың логикалық билимлерин арттырыў, оларды сайлап алыў ҳәм интеллектуаллық ойынларға тартыў, халық арасында ағартыўшылық орталығын күшейтиў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды.

Әмелге асырылып атырған илажлар нәтийжесинде жасларымыз тек ғана республикалық емес, ал халықаралық майданда да абырайлы жарысларда мүнәсип қатнасып, елимиздиң абырайын мүнәсип қорғамақта.
Қырғыз Республикасының Бишкек қаласында “Zakovat Asian Cup II” жарысы болып өтти. Беллесиўлерде Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жасларынан дүзилген сайланды командалар кубок ушын гүрес алып барды.
Биринши ойын 6:2 есабы менен елимиз командасының пайдасына жуўмақланды. Екинши беллесиўде де жасларымыз жеңиске ерисип, нәтийжеде Өзбекстан сайланды командасы “Zakovat Asian Cup II” жарысының жеңимпазы деп табылды. Сондай-ақ, илаж шеңберинде түрли мәдений-ағартыўшылық бағдарламалар да шөлкемлестирилди.
“Zakovat Asian Cup II”те қолға киргизилген жеңис жасларымыздың интеллектуаллық күш-қүдирети, логикалық пикирлеў шеберлиги ҳәм дүнья майданында мүнәсип бәсекилесе алыўын айқын көрсетти.
ӨзА