Исбилермен – экономика ҳәм жәмийетти раўажландырыўдың ҳәрекетлендириўши күши

156

Мүнәсибет

 Мәмлекетимизде 20-август – Исбилерменлер күни сыпатында кеңнен белгиленеди. Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев усы кәсиплик байрамды шөлкемлестириў басламасын 2021-жыл 20-августта исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў түринде болып өткен ушырасыўда алға қойған еди. Ҳәр жылы әйне усы күни Президенттиң бизнес ҳәм исбилермен топарлардың ўәкиллери менен ашықтан-ашық сөйлесиўи өткерилиўи дәстүрге айланған. Өзбекстан Республикасының “Исбилерменлер күнин белгилеў ҳаққында”ғы нызамы 2021-жыл 23-декабрьде қабыл етилген. Соңғы жылларда дәстүрге айланған бул сөйлесиў тараўдағы системалы машқалаларды шешиўи, усыныслардың додаланыўы ҳәм жаңа қолайлықлар жаратылыўы менен исбилерменлер күтетуғын илажға айланды.

Дәстүрий усындай ушырасыўларда исбилерменлерди қызықтырып атырған мәселелер додаланып, олар менен мәсләҳәтлесип қарарлар қабыл етилип атырғаны Президентимиздиң исбилерменлик тараўына қаратып атырған айрықша итибарының айқын көриниси болып есапланады. Ашықтан-ашық сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы елимиз исбилерменлерин усы қутлы сәне менен қутлықлап, олардың жумысына табыслар тиледи. Мәмлекетимиз жетекшиси өзиниң шығып сөйлеген сөзинде елимиз экономикасында бүгинги күнде исбилерменлердиң орны жоқары екенин атап өтти. Елимизде экономикамыздың шын мәнисинде драйверине айланған исбилерменлердиң жаңа әўлады қәлиплести. Ҳәр бир исбилермен өзиниң изинен онлаған адамларды ертип, жумыслы, дәраматлы етеди, жәмийетлик турмысқа жаңалық алып келеди. Сизлер бүгин Жаңа Өзбекстанның исбилерменлик бизнес мектебин жаратып атырсыз,-деди Президентимиз.

Ҳәммемизге белгили, мәмлекетимиз басшысының усы жыл 18-августтағы пәрманына муўапық, исбилерменлик орталығын жақсылаў бағдарында жаратылған имканиятлардан үнемли пайдаланып, елимиздиң экономикалық қүдирети ҳәм экспорт потенциалын арттырыўда салмақлы нәтийжелерге ерисип, заманагөй билим ҳәм тәжирийбесин көрсетип, инвестицияларды тартыў, импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарыў, хызметлер көрсетиўди буннан былай да кеңейтиў, халықтың бәнтлиги ҳәм абаданлығын тәмийинлеў жолында айрықша жанкүйерлик көрсетип атырған, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған исбилерменлердиң бир топары Ўатанымыздың жоқары сыйлықлары, ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлары менен сыйлықланған еди.

Бүгин мақтаныш пенен айта аламыз, бул илаж тек ғана илаж емес, мәмлекет ҳәм бизнес арасындағы өз-ара исенимди беккемлеўге хызмет ететуғын жанлы ҳәм шын кеўилден пикирлесиў майданы екени атап өтилди.

Ашықтан-ашық сөйлесиўде Президентимиз реформалардың дәслепки күнлеринен-ақ исбилерменлер менен пикирлес болып, экономикасы қүдиретли, санааты бәсекиге шыдамлы, финанслық системасы турақлы, барлық тараўлары инвесторлар ушын тартымлы болған Жаңа Өзбекстанды қурыўға кирисилгенин атап өтти. Ҳақыйқатында да, кейинги жыллары елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, әсиресе, барлық тараўлар сыяқлы жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажлар өзиниң нәтийжесин көрсетпекте. Өткен сегиз жылда экономикамыздың көплеген тармақлары жаңадан шөлкемлестирилди. Оған тек ғана өткен дәўирде экономикаға тартылған 230 миллиард долларлық инвестиция айқын мысал болып есапланады. 120 миллиардтан аслам сырт ел инвестицияларының тартылғаны халықаралық исенимниң артқанын көрсетеди.

Бүгинги күнде Өзбекстанда 600 ден аслам стартаплар жумыс алып бармақта. Сегиз жыл бурын олардың саны бармақ пенен саналатуғын еди. Сөйлесиўде келешегимиз болған жаслардың мың стартап идеясы коммерцияластырылып, соннан 200 и халықаралық базарға алып шығылатуғыны атап өтилди. Сондай-ақ, усы жылдан баслап, “Жас исбилерменлер” чемпионаты өткериледи. Ең жақсы 100 идея таңлап алынып, ҳәр бир стартап ушын 1 миллиард сумға шекем инвестиция киргизиледи. Бул да жас исбилерменлеримиздиң жумысын буннан былай да раўажландырыўда оларға күш-ғайрат ҳәм мотивация береди. Улыўмаластырып айтқанда, мәмлекетимиз жетекшисиниң бизнес ўәкиллери менен 5-мәрте өткерилген ашықтан-ашық сөйлесиўи исбилермен ҳәм фермерлеримиздиң финанслық имканиятын кеңейтиўге, экспорт потенциалын және де арттырыўға ҳәм қосымша жаңа жумыс орынларын жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Гулжан Халмуратова,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,

ӨзЛиДеП фракциясы ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги