“3I/ATLAS” Жерге жақынласпақта: илимпазлар қәўетерде

183

Усы жылдың 1-июль сәнесинде жулдызлар аралық объект – “3I/ATLAS” бақланған еди. Кейинирек, илимпазлар бул басқа жулдыз системасындағы комета екенлигин анықлады. Заманагөй техникалық қурылмалар оның жасын шама менен жети ярым миллиард жылдан аслам деп көрсетпекте. Бул усы ўақытқа шекем бақланған ең әййемги комета болыўы мүмкин.

Жулдызлар аралық “3I/ATLAS” объекти шығарып атырған сырлы жақтылық оның басқа планетадан екенлигин аңлатпақта, деп жазды “Daily Mail”басылымы.

Гарвард университетиниң астрофизиги Ави Лебтиң сөзлерине бола, “3I/ATLAS” автомобиль фараларының жақтылығына уқсап нур шығарады. Гәп сонда, объекттиң жақтылық дереги табылмаған. Илимпаздың анықлық киргизиўинше, объект узақласқанда нурдың жақтылығы кескин төменлейди, бул болса қуяш нурын сәўлелендириўши кометалардың әдеттеги ҳәрекетине сәйкес келмейди.

Лебтиң атап өтиўинше, «3I/ATLAS” миллионлаған километрлерге көринетуғын жақтылықты пайда етиўге уқыплы күш дәрегине ийе объект болыўы мүмкин.

“Бийтаныс кеме” илимпазларды не ушын қәўетерге салмақта?

Айырым изертлеўшилер жулдызлар аралық ушып атырған бул объект Жерге жасырын жақынласып атырған космослық кеме болыўы мүмкин екенлигин атап өтпекте. Илимпазлардың гәпинде ҳақыйқаттан да қәўетерлениўге себеп бар, себеби “басқа планеталылар” ҳаққындағы гәплер глобал көлемдеги үлкен машқаланың белгиси болыўы мүмкин.

1950-жылы физик Энрико Ферми кәсиплеслери менен сәўбетте белгили болған “Ҳәмме қай жерде?” деген гипотезаны келтирген еди. Илимий идеялар бойынша, космоста басқа алдыңғы цивилизациялар болыўы керек, бирақ жерлилер олардың бар екенлигин, кемелерди де, сигналларды да көрмейди.

Қараңғы тоғай гипотезасы усы парадоксқа жуўап береди: басқа планеталылар билқастан жасырынған, олар жоқ болып кетиўден қорқады ямаса олар сездирмей ҳүжим етиўди қәлейди. Солай етип, «3I/ATLAS”,  Лебтиң сөзлерине бола, өзин тап Жерге жасырын ушыўды режелестирип атырғандай тутпақта.

Қорғаныўға таярланыў керек пе?

– Объект космос корабли екенине бир неше “дәлиллер” бар, – дейди илимпаз.

Бириншиден, «3I/ATLAS” басқа белгили жулдызлар аралық денелерге қарағанда тезирек қозғалмақта. Жақын келешекте ҳеш қандай урыныўлар оны услай алмайды.

Екиншиден, оның траекториясы Юпитер, Марс ҳәм Венера жақынынан өтеди, олардың орбитасына бақлаўшы жасалма жолдасларды ушырыў мүмкин.

Соңында октябрь айының ақырында басқа системадан келген “мийман” Қуяштың арғы тәрепинен Жерге жақынласады. Бул “объекттиң максимал жақтылығы дәўиринде” оны жерге орнатылған телескоплар менен бақлаўды қыйынластырады.

– Буннан тысқары, Қуяш жәрдеминде «3I/ATLAS” тоқтаў ҳәрекетин әмелге асырып, ноябрь айының ақыры – декабрь айының басларында Жер аймағына жетип барыўы мүмкин, – дейди Ави Леб. – Егер гипотеза дурыс шықса, ақыбетлер адамзат ушын қәўипли болыўы мүмкин.

Ави Лебтиң айырым кәсиплеслери бир жағынан оның жәмийетшилик итибарын космологияға қаратыўға урынып атырғанын атап өтсе, екинши жағынан, ол өзиниң исенимли гипотезалары менен илимди және де абырайсызландырып атырғанын атап өтпекте.

– Айтпақшы, ол өз абырайын сақлап қалыўға имканияты бар. Буның ушын оның болжаўлары дурыс шығып, басқа планеталылар ҳақыйқатында да ушып келиўи керек. Не болатуғыны болса ноябрь айында мәлим болады, – деп айтпақта илимпазлар.

С.Раҳимов, ӨзА