UNЕSCO ҳәм Өзбекстан бирге ислесиўи шеңберинде жасалма интеллект этикасы бойынша илажлар басланды

128

Ҳәзирги глобал санлы раўажланыў процесинде жасалма интеллект технологиялары турмыстың түрли тараўларына жедел кирип бармақта. Бул болса тек ғана инновациялық имканиятларды емес, ал әдеп-икрамлылық нормаларына әмел етиў, инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў сыяқлы әҳмийетли мәселелерди де күн тәртибине шығармақта.

Сонлықтан, халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, UNЕSCO тәрепинен жасалма интеллектти жуўапкершиликли ҳәм ашық-айдын енгизиў бойынша бир қатар басламалар әмелге асырылмақта. Өзбекстан да бул процессте белсене қатнаспақта.

Ташкент қаласында UNЕSCOныӊ басламасы менен “Өзбекстанда жасалма интеллектке таярлықты баҳалаў методологиясы” изертлеўиниң ашылыў мәресими болып өтти.

Илажда Санлы технологиялар министриниң биринши орынбасары Олег Пекос қатнасты ҳәм өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жойбардың әҳмийетине тоқтап өтти. Оның атап өтиўинше, бул изертлеў мәмлекетимизде жасалма интеллектти жуўапкершиликли ҳәм ашық-айдын тәризде енгизиў, әдеп-икрамлылық нормаларын тәмийинлеў ҳәм глобал нормативлик қағыйдаларға бейимлесиўде айрықша әҳмийетке ийе.

Атап өтилиўинше, усы жылы 30-октябрьден 13-ноябрьге шекем Самарқанд қаласында UNЕSCOның бас конференциясы болып өтиўи режелестирилген.

Нигора Раҳмонова, ӨзА