Өзбекстанда егизеклер туўылыўы аймақлар кесиминде

135

Егизеклердиң туўылыўы сийрек ушырасатуғын биологиялық процесс есапланады. Бундай ҳәмиледарлық даўамында ана организминде бир ўақыттың өзинде 2, 3 ямаса оннан артық ҳәмиле раўажланады. Егизеклердиң туўылыўында нәсиллик факторлардың да орны жүдә үлкен. Мәмлекетимизде егизеклер туўылыў көрсеткиши бираз жоқары. Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-июнь айларында Өзбекстан бойынша жәми 9 мың 738 егиз бала дүньяға келген.

Егизеклер туўылыўы демографиялық статистика өзгерислериниң сийрек ушырасатуғын көрсеткишлеринен бири болып, ол медициналық жәрдем сапасының раўажланыўы, ана ҳәм бала саламатлығының жақсыланыўы менен де байланыслы. Егизек нәрестелердиң туўылыўы аймақлар кесиминде сезилерли парықларға ийе. Бул айырмашылықларды, өз гезегинде, аймақлардағы медициналық хызметлердиң сапасы, халықтың жасаў шараятлары, социаллық-экономикалық жағдай ҳәм басқа да көплеген факторлар менен түсиндириў мүмкин.

Егизеклер туўылыў көрсеткишин аймақлар кесиминде бөлистиретуғын болсақ, Қарақалпақстан Республикасы – 451, Әндижан ўәлаяты – 883, Бухара ўәлаяты – 486, Жиззақ ўәлаяты – 410, Қашқадәрья ўәлаяты – 1054, Наўайы ўәлаяты – 233, Наманган ўәлаяты – 778, Самарқанд ўәлаяты – 1 197, Сурхандәрья ўәлаяты – 856, Сырдәрья ўәлаяты – 258, Ташкент ўәлаяты – 686, Ферғана ўәлаяты – 1 172, Хорезм – 544, Ташкент қаласы – 730 ты қурайды.

Жоқарыдағы мағлыўматларға бола, ең көп егизек нәрестелер Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятында туўылған. Бул аймақларда халықтың тығызлығы ҳәм басқа да социаллық факторлар егизеклер туўылыў көрсеткишиниң жоқарылығына тийкар болады. Қашқадәрья ўәлаяты да бул дизимде жоқары көрсеткишлерге ийе болып, 1 054 егиз бала туўылған. Ең аз егиз бала туўылған аймақлар сыпатында Наўайы ҳәм Сырдәрья ўәлаятлары көрсетилген. Бул аймақларда халықтың азлығы ямаса басқа демографиялық факторлар буған себеп болыўы мүмкин.

Өзбекстан Республикасы аймақларында егизеклер санының бундай айырмашылығы, демографиялық процесслерди тереңирек үйрениў ҳәм буннан былай да жетилистириў ушын үлкен әҳмийетке ийе. Сондай-ақ, ана ҳәм бала саламатлығын жақсылаў, медициналық жәрдемниң сапасын арттырыў бағдарындағы ҳәрекетлер және де нәтийжели болыўы ушын аймақлар кесиминде айрықша итибар қаратыў зәрүр.

 

ӨзА