Имканиятлардан нәтийжели пайдаланып атырған исбилермен

Елимизде исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм жергиликли өндиристи раўажландырыў бағдарында кең имканиятлар жаратылмақта.
Бул имканиятлардан нәтийжели пайдаланып атырған белсендилерден бири – Елликқала районы Сахтиён қалашасында жасайтуғын О.Мадримов болып есапланады.
Район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлиминиң мағлыўматына бола, ол 2021-жылы өзиниң исбилерменлик жумысын баслап, қурылыс ушын зәрүр болған өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қойды. Жумысын баслаўда ҳәким жәрдемшисиниң жәрдеми арқалы 75 миллион сум қаржы алып, усы ресурсты нәтийжели бағдарлады. Бул қаржы оның бизнесин жолға қойыўда әҳмийетли тийкар болды.
Ҳәзирги ўақытта исбилермен тәрепинен шөлкемлестирилген өндирис кәрханасы арқалы 12 жас турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Ол өзиниң мийнети ҳәм интакерлиги арқалы тек ғана жумыс орынларын жаратып қоймастан, ал жергиликли халықтың абаданлығына да үлес қоспақта.


Елимиздеги исбилерменликти хошаметлеў сиясаты жоқары нәтийжелер берип, жаңа имканиятлар менен перспективаларға жол ашып атырғаны бул мысал арқалы және бир мәрте өз дәлилин таппақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги