Оман-Өзбекстан бирге ислесиўи беккемленбекте

131

Оман Патшалығының “Omandaily”, “Shuoon”    сыяқлы бир қатар жетекши басылымлары Өзбекстан инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратовтың басшылығындағы делегацияның усы мәмлекетке сапарын кеңнен сәўлелендирмекте.

Ўәкиллеримиз сапар шеңберинде Маскат қаласында жоқары мәртебели мәмлекетлик ҳәм исбилермен  топары ўәкиллери – саўда, санаат ҳәм инвестицияны хошаметлеў министри Қайс Ал Юсуф, Инвестиция агентлиги бысшысы Абдуссалам Ал-Муршидий, Аўыл хожалығы, балықшылық ҳәм суў ресурслары министриниң орынбасары Али Ал-Арбий, сондай-ақ,  “Suhail Bahwan Group”, “Sohar International Bank”, “Oman Cables”, “Asyad Group”, “MB Holding”  сыяқлы жеткши компаниялардың басшылары менен  ушырасты.

Ушырасыўлар даўамында Өзбекстан тәрепи нефть-газ химиясы, энергетика, аўыл хожалығы, тоқымашылық, таў-кән, автомобиль қурылысы, азық-аўқат санааты, логистика ҳәм туризм тараўларында таяр программалық  басламаларды усыныс етти.

Мәмлекетимиздиң инвестициялық орталығына  байланыслы  тәреплер – инвесторларды қорғаў кепиллиги, салық ҳәм бажыхана жеңиллиги, санаат зоналарындағы  преференциялар ҳәм стратегиялық жойбарлар ушын арнаўлы тәртип толық  түсиндирилди.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында тийкарғы тармақларда  жаңа биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилди. Тәреплер узақ мүддетли қатнасық орнатыўға  таяр екенлигин билдирди. Бул процессте тийкарғы итибар биргеликтеги инвестиция, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм саўданы диверсификациялаўға қаратылады.

Илаж шеңберинде Өзбекстанның Оманға инвестиция киргизиў имканияты, Патшалық тәрепинен инвесторларға усыныс етилетуғын жеңилликлер  көрсетилген көргизбели  презентация өткерилди. Мақалада  инвестицияны хошаметлеў, инвесторлардың резидентлиги бағдарламасы, арнаўлы экономикалық ҳәм еркин зоналарда жаратылған қолайлықлар ҳаққында  айтып өтилген.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА