Посттағы модернизациялаў жумыслары жедел даўам етпекте

Алдын хабар берилгениндей, Президентимиздиң ҳәм Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарлары тийкарында “Даўыт-ата” шегара бажыхана постын қайта қурыў ҳәм модернизациялаў белгиленген еди.
Қурылыс жумысларының өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы баслығының орынбасары О.Махмадалиевтың басшылығындағы жумысшы топар тәрепинен пост аймағында қурылыс жумысларының барысы бойынша күнлик мониторинг жумыслары алып барылмақта.
Бажыхана постында әмелге асырылып атырған қурылыс-модернизациялаў жумысларына қарамастан сыртқы саўда жүклериниң үзликсиз ҳәрекетин тәмийинлеў мақсетинде постқа тутас аймақта қурылған бажыхана терминалының имаратында жүк автотранспорт қуралларының бажыхана рәсмийлестириўи ҳәм қадағалаўы күни-түни режиминде даўам еттирилип атырғанын атап өтиў керек.
Улыўма баҳасы 20 млрд. сумды қурайтуғын 2-басқыш қурылыс жумысларын үйрениў даўамында жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллерине посттағы қурылыс-монтажлаў жумысларын жеделлестириў, оны сапалы орынлаў ҳәм ажыратылып атырған қаржылардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша көрсетпелер берилди.

“Даўыт-ата” шегара бажыхана постын модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў жумыслары 2-басқышта жедел даўам еттирилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги