Өзбекстан, Әзербайжан ҳәм Европа: Жаңа геостратегиялық платформа қәлиплеспекте

135

Ташкентте “Өзбекстан, Әзербайжан ҳәм Европа: улыўма раўажланыў жолында бирге ислесиў” темасында жоқары дәрежедеги ушырасыў даўам етпекте.

ӨзАның хабаршысы конференцияда қатнасып атырған Латвия ҳәм Сербия Республикаларының бурынғы жетекшилериниң пикирлерин жазып алды.

Валдис Затлерс, Латвия Республикасының бурынғы (2007-2011-жыллар) Президенти:


– Өзбекстан экономикасы жедел раўажланып атырған, халқы тығыз жайласқан мәмлекет сыпатында Орайлық Азияның раўажланыўында ҳәр тәреплеме жетекши орын ийелеўге уқыплы. Ҳәзирги процессте регионаллық бирге ислесиў үлкен табыслар гилти, экономикалық раўажланыў, халықтың абаданлығына ерисиў гиреўине айланыўы мүмкин. Әсиресе, пуқаралардың күнделикли турмысында ҳақыйқый унамлы өзгерислерди сезиў әҳмийетли. Өзбекстанға ҳәр он жылда келип тураман ҳәм ҳәр сапары унамлы өзгерислерди көрип атырман. Бул мени және ҳәм және елиңизге сапар етиўге ийтермелейди.

Бул конференциядан гөзленген мақсет – бир-биримиз бенен жүзбе-жүз сөйлесиў. Европа Аўқамы, Кавказ мәмлекетлери ҳәм әлбетте жергиликли экспертлер жәмийетшилигиниң ўәкиллери тынышлық, турақлылық ҳәм исенимге тийкарланған регионлараралық бирге ислесиўди жолға қойыў усылларын додаламақтамыз. Глобал анықсызлық шараятында қарама-қарсылық емес, ал бирге ислесиў абаданлыққа алып келетуғыны анық.

Өзбекстанның тәсири Орайлық Азияның барлық мәмлекетлеринде сезиледи. Тарийхый көзқарастан бул жер тәрбиялаған уллы шахслар дүнья цивилизациясына әҳмийетли үлес қосқан. Биз мәдений мийрас орайлары – Самарқанд, Бухара, Хийўаны раўажланыў тийкары сыпатында қәдирлеймиз.

Және бир гәп: ҳәр қандай үлкеге узақты көре алатуғын жетекши керек. Усындай жетекшиси болған мәмлекет жедел раўажланыў имканиятына ийе болады. Басшы ушын болса реформа ҳәм регионаллық бирге ислесиў елге не беретуғынын жәмийетке түсиндириў, өзгерислерди сезинип барыў, идеяларды турмысқа енгизиў жолында белгили бир мәртликке ийе болыў оғада әҳмийетли.

Усы көзқарастан Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев миллий экономиканы реформалаў ҳәм либералластырыў жолын таңлап, дүнья бойлап ҳәр қыйлы қыйыншылықлар ҳәм турақсызлық күшейип атырғанына қарамастан, турақлы жоқары өсиў пәтин тәмийинлеп келмекте.

Ташкент ҳәм басқа да қалалардың көшелеринде сейил етип, адамлардың көтериңки кейпиятын, раўажланыўға болған исенимин сезесиз. Ҳақыйқат сулыў сөзде емес, ал әпиўайы адамлардың санасында қәлиплеседи. Өзбек халқы, көрип турғаныңыздай, алып барылып атырған реформалардан разы.

Орайлық Азия, әсиресе, халқы саны бойынша региондағы ең ири мәмлекет есапланған Өзбекстан ушын бул үлкен әҳмийетке ийе. Қатаң исеним, әмелий жойбарлар ҳәм узақ мүддетли күн тәртиби улыўма табыс ушын тийкар бола алады.

Борис Тадич, Сербия Республикасының бурынғы (2004-2012) Президенти:


– Өзбекстанның тарийхы уллы ҳәм ҳәзир де бул үлке тек ғана Орайлық Азия емес, ал пүткил дүнья ушын шексиз әҳмийетке ийе. Регион бүгинги күнде дүньяда геостратегиясы ушын ең нәзик аймақлардан бири болып есапланады. Демек, Өзбекстанның тәсирисиз Орайлық Азияның турақлылығын, раўажланыўын көз алдымызға келтирип болмайды. Мен тек ғана сиясат емес, ал санластырыў, экономикалық раўажланыў, технологиялық раўажланыў, билимлендириў сыяқлы әҳмийетли тараўларды да нәзерде тутып атырман.

Бириншиден, жүдә әҳмийетли демографияға ийе республикада туўылыў дәрежеси жоқары, халық жас ҳәм глобал раўажланыў процесинде тиккелей қатнасыўды қәлеўши жоқары мақсетли адамлар көп.

Инсаният тарийхындағы ең әҳмийетли дәўирлерде Өзбекстан халқы әҳмийетли орын ийелеген. Ҳәм ҳәзирги күнде Президент Шавкат Мирзиёев және де үлкен заманагөй реформалардың басында тур. Биз буны жүдә қәдирлеймиз.

Каспий теңизиниң еки тәрепинде сиясат, энергетика, технология, глобал тынышлық көзқарасынан бизге оғада жақын дос бола алатуғын еки мәмлекет бар екенин айтып өтиў орынлы.

Ташкенттеги мәжилисте түрли мәмлекетлерден келген делегатлар қатнаспақта. Биз ушын Өзбекстан ҳәм Әзербайжан, соның менен бирге, басқа да мәмлекетлер ҳәм көп тәреплеме институтлар менен сөйлесиў алып барыўды қәлеймиз.

Бул форум ҳәр тәреплеме нәтийжели болыўы ушын бар имканияттан пайдаланамыз. Гөззал мәмлекетлеримиздиң айдын келешегин тәмийинлеўге өз пикиримиз, көзқарасларымыз бенен үлес қоспақшымыз.

ӨзАның хабаршысы Ўткир АЛИМОВ таярлады.