Алыс аўылға газ баллонлары жеткерилди

Тутыныўшыларды өз ўақтында суйылттырылған газ баллонлары менен тәмийинлеў бағдарында Шымбай районында да кең көлемли жумыслар алып барылымақта.
Район орайынан алыста жайласқан Бахытлы, Қамысарық, Қызыл өзек, Майжап, Пашентаў, Тазғара, Қостерек, Таза жол, Кеңес, Тағжап ҳәм Гүжимли аўыл пуқаралар жыйынларында, жәми 3329 хожалық суйылттырылған газге бейимлестирилген.
Усы аўыл пуқаралар жыйынларындағы суйылттырылған газден пайдаланыўшылар Шымбай районлық газ тәмийнаты бөлими тәрепинен Шымбай газ толтырыў шақапшасы арқалы суйылттырылған газ баллонлар менен тәмийинленип келинбекте.
Жыл басынан усы хожалықларға жәми 369,3 кг. суйылттырылған газ фонды ажыратылып, тутыныўшылардың талабына бола 395,08 кг. суйылтырылған газ баллон жеткерип берилген. Тутыныўшыларға газ баллонлары 30-35 күн аралығында белгиленген реже график тийкарында жеткерип бериледи ҳәм олар толығы менен ID карталар менен тәмийинленген.



Райондағы Бахытлы аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан Аралбай аўылына гезектеги газ баллонлар тарқатылды. Бул аўылда жәми 42 хожалық жайласқан болып, оларға арнаўлы автотранспорт жәрдеминде газ баллонлар жеткерип берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги