Бажыхана режими имканиятларынан пайдаланыў абзаллықлары түсиндирилди

186

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы жуўапкерлери исбилерменлик субъектлеринде болып, бажыхана нызамшылығындағы жаңалық ҳәм өзгерислерди олардың жумысында қолланыў арқалы унамлы нәтийжелерди көрсетиўи бойынша үгит-нәсият жумысларын алып бармақта.

Елликқала районы тоқымашылық санаатында кластер түринде жумыс алып барып атырған жуўапкершилиги шекленген жәмийети бүгинги күнде таяр тоқымашылық өнимлерин ислеп шығармақта. Ийирилген жиптен гезлеме ислеп шығарыў, оны бояў, қайта ислеў ҳәм тигиў нәтийжесинде алынатуғын таяр өнимлердиң Түркия, Украина, Қытай, Россия мәмлекетлерине экспорты да жолға қойылған.

Кейинги 3 жыл даўамында кәрхана 4,5 млн. АҚШ доллары баҳасындағы 1587 тонна таяр тоқымашылық товарларын экспорт еткен.


Ушырасыўда жуўапкерлер тәрепинен экспорт географиясын арттырыў мақсетинде кәрхана жумысында “Бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режими имканиятларынан пайдаланыў абзаллықлары толық түсиндирилди. Онда алып келинген бояў ҳәм соған уқсас шийки затларды қайта ислеў нәтийжесинде алынған товарлардың экспорты әмелге асырылғанда, алып келинген товарлар бажыхана төлемлеринен азат етилиўи мысалларда көрип шығылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги