Қурылыс жумыслары әмелге асырылмақта

Аўыллық аймақларды социаллық раўажландырыўға қаратылған реформалар мәмлекетимизде избе-из даўам етпекте. Тараўға қаратылып атырған итибар, әсиресе, билимлендириў тармағы инфраструктурасын жақсылаў арқалы айқын көзге тасланбақта. Мине, усындай ҳәрекетлердиң нәтийжесинде аймақларда жаңа мектеп, бақша, поликлиника сыяқлы әҳмийетли социаллық объектлер қурылмақта.
Усы мақсетте қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 18-сентябрьдеги ПҚ-5246-санлы қарары тийкарында “Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў” жойбары шеңберинде түрли аймақларда қурылыс жумыслары әмелге асырылмақта.


Беруний районы Абай аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 90 орынға мөлшерленген жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң қурылып атырғаны бул ҳәрекетлердиң гезектеги әмелий көриниси болып есапланады. Жойбар ушын 4 миллиард сум қаржы ажыратылып, ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары жедел пәтлерде алып барылмақта. Жаңа бақшаның қурылыўы нәтийжесинде усы аймақта жасап атырған шаңарақлар ушын перзентлерин бақшаға жайластырыўда қолайлықлар жаратылады.
Аймақлардағы социаллық инфраструктураны беккемлеў жолындағы бундай басламалар халықтың турмыс сапасына унамлы тәсир көрсетип, аўыллық жерлерде де қолайлы ҳәм заманагөй шараятларды жаратыўда үлкен әҳмийети ийе болмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги