Мойнақ районында ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланбақта

Алдын хабар берилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-апрельдеги ПҚ-4271-санлы қарарына тийкарланып, Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында «Өзбекстанның батыс бөлегинде ишимлик суўы тәмийинаты системаларын раўажландырыў» жойбарының әмелге асырылыўы белгиленген.
Бул ушын 8,2 млн. АҚШ доллары муғдарындағы қаржы ажыратылған болып, бүгинги күнде «Archico» ЖШЖ (Әзербайжан) компаниясы тәрепинен Мойнақ районында ишимлик суўы тәмийинатын жақсылаўға қаратылған қурылыс жумыслары алып барылмақта.
Жойбар шеңберинде 5 суў бөлистириў имараты, 128,1 километрлик суў тармағын қурыў ҳәм реконструкциялаў ҳәм 4647 хожалыққа электрон суў есаплағыш орнатыў нәзерде тутылған. Ҳәзирги ўақытта 76,2 километрлик суў тармақлары тартылып, қурылыс жумыслары даўам етпекте. Реже толық орынланыўы нәтийжесинде районның ишимлик суўы менен тәмийинленгенлик дәрежеси артады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги