Бир топар белсенди исбилерменге сыйлықлар тапсырылды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Исбилерменлер күни мүнәсибети менен бир топар белсенди исбилерменлерди сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов шығып сөйлеп, Президентимиз тәрепинен бүгинги күнде оғада əҳмийетли болған исбилерменлик жумысын кеңейтиў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, исбилерменликти раўажландырыўға тосқынлық етип атырған машқалаларды сапластырыў бойынша турмысқа енгизилип атырған басламалар, қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарларға кеңнен тоқтап өтти.
Илажда атап өтилгениндей, соңғы жылларда Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар регионда исбилерменликти раўажландырыў, инвестициялық тартымлықты арттырыў ҳәм экономикалық өсимди тәмийинлеўде беккем тийкар болып хызмет етпекте. Қысқа ўақыт ишинде жаңадан-жаңа объектлер иске түсирилип, ири көлемдеги инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Байрам илажында Президентимиздиң арнаўлы пәрманлары тийкарында сыйлықланған Кегейли районындағы “Арзыў” көп тармақлы фермер хожалығының баслығы Палзада Салиеваға «Дўстлик» ордени, Төрткүл районындағы “115-Төрткүл автокәрханасы” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң шөлкемлестириўшиси Ғайратдин Керимбаев ҳәм Нөкис қаласындағы “Good Cafe” шаңарақлық кәрханасының басшысы Махира Мамутоваға «Шуҳрат» медалы, сондай-ақ, 6 белсенди исбилерменге “Фаол тадбиркор” көкирек белгиси салтанатлы түрде тапсырылды.







Буннан тысқары, Жоқарғы Кеңес Президиумы қарары менен бир қатар исбилерменлер Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгилери, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги