Жаңа саўда ҳәм хызмет көрсетиў орны жумыс баслады

Нөкис районынадағы “Ақманғыт” посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында жаңа “Гулий гүллери ҳәм торт” атлы саўда ҳәм хызмет көрсетиў орнының ашылыў мәресими болып өтти.
Илажда район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы С.Абатова, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм белсенди пуқаралар қатнасты. Мәресимде шығып сөйлегенлер тәрепинен бул жойбар районда биринши мәрте гүл сатыўға қәнигелескен саўда орны сыпатында жумыс баслап атырғаны атап өтилди. Сондай-ақ, бундай басламалар жергиликли исбилерменлик орталығын буннан былай да раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелеп атырғаны атап өтилди.

Жас исбилермен ҳәм белсенди қызлардың бири Гүлзар Абдисадикова усы жойбар арқалы өзиниң исбилерменлик жумысын әмелге асырыўды баслады. Оның саўда орны тек ғана гүллер менен шекленип қалмастан, ҳаял-қызлар ушын заманагөй кийим-кеншеклер, мазалы тортлар ҳәм басқа түрдеги өнимлердиң сатылыўын да нәзерде тутқан.
Қарақалпақстан хабар агентлиги