«Cake Bumer»: Исбилермен ҳаялдың мийнети, ерк-ықрар ҳәм муҳаббат пенен жаратқан өмирлик әпсанасы

20-август-Исбилерменлер күни
Бүгин базар экономикасында бәсеки күшли болып турған бир пайытта халықтың кеўлинен шығатуғын өнимлериң менен ғана бизнесте өз орныңа ийе болыўың мүмкин. Өз брендине ийе ири компаниялар менен бирге бир неше өндирис кәрханалары бәсекиге толы майданда нәзик талғамлы қарыйдарлар ушын өзиниң сапалы өнимлери менен кеўлинен жай алып, ат шығарып келмекте. Қарақалпақстанның белгили кондитер бренди – «Cake Bumer» де усындай кәрханалардың бири.
Ҳәр қандай ири брендтиң артында инсанның ерк-ықрары, шыдамлылығы ҳәм мийнети турады. Оның тийкарын салыўшысы, белгили исбилермен Махира Мамутова тек ғана мазалы затлар арқалы мыңлаған инсанлардың күнделикли турмысына қуўаныш алып кирип қоймастан, ал жүзлеген ҳаял-қызлар ҳәм жаслар ушын турақлы жумыс орынларын жаратып келмекте.
Төрткүл районында туўылып өскен Махира Мамутова таза мийнет орталығында, миллий қәдириятларға сүйенген аўызбиршиликли шаңарақта камалға келди. Жаңа өмирге қәдем таслаған қыз Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде оқып, филология бағдары бойынша жоқары мағлыўматлы қәниге болды.
Филолог болса да оның өмир жолы билимлендириўден тысқары исбилерменлик ҳәм жәмийетлик жумыс пенен де үзликсиз байланыслы болды. Бир неше жыл мектепте муғаллим болып ислеген Махира тез арада өзин бизнес тараўында сынап көриўге қарар етти.
«Cake Bumer» диң дәслепки қәдемлери қалай басланған?
2007-жыл… Хожели районындағы өз үйи. Стол үстинде кондитер өнимлери, қасында бир жумысшы ҳәм үлкен әрманлар. Мине, усы шараятта «Cake Bumer»диң дәслепки қәдемлери басланды. Дәслепки өнимлер – тортлар, чизкейк ҳәм печеньелер… Олар өзиниң оригинал рецептурасы ҳәм сулыў көриниси менен жергиликли базарда тез белгили бола баслайды.
Бир жылдағы мийнет кейин ала үлкен тармаққа тийкар болды. Өнимлери менен ишки базарда өз орнына ийе болып баслаған исбилермен 2013-жылы Нөкис қаласында биринши саўда шақапшасын ашыўға ериседи. Бул ўақыя компания ушын жаңа басқыш болды ҳәм бренд халықтың кеўлинен шыға баслайды.
Раўажланыў ҳәм кеңейиў
«Cake Bumer»диң аяққа турыў жолы аңсат болмады. Финанслық қыйыншылықлар, базардағы бәсеки, сапа талаплары – булардың барлығы үлкен сабырлылық ҳәм мәртликти талап етти. Бирақ Махира қыйыншылықлардан қорықпады, керисинше, оларды жаңа имканиятқа айландыра алды.
2018-жылдан баслап «Cake Bumer» заманагөй өндирис цехларына ийе болды. Кейин ала Нөкис, Хожели ҳәм Қоңыратта жәми 5 саўда ҳәм улыўма аўқатланыў шақапшалары жумыс алып барды.
Ҳәзирги ўақытқа шекем компания 100 ден аслам рәсмий жумыс орынларын жаратты, 30 дан аслам мийнет мигрантын сырт елден қайтарып, турақлы жумыс пенен тәмийинлеўге еристи.
Илҳам ҳәм таяныш дереги
Ҳәр қандай исбилерменлик жолында табысқа ерисиў ушын тек ғана билим ҳәм мийнет емес, ал үлкен руўхый таяныш та зәрүр. Махираның өмир жолы да буған айқын мысал.
Оның айтыўынша, бәринен бурын барлық ырысқы-несийбе ҳәм табыс – Алладан. Соның менен бирге, оның тынымсыз ҳәрекетлери, сабыры ҳәм мийнети бул жолда шешиўши фактор болды. Ол өзин исбилерменликте беккем қәдем менен жүриўге ийтермелеген тийкарғы күшти ата-анасының пәтиясы ҳәм өмирлик жолдасының исениминен тапқан. Ата-анасы оған мийнет сүйгишлик, ҳадаллық ҳәм сабыр-тақатлылықты үйреткен болса, өмирлик жолдасы болса барлық қыйыншылық, қорқыныш ҳәм тәўекелшилик пенен баслаған ислеринде ҳақыйқый ийинлес ҳәм сүйениш болып келди.
Социаллық жуўапкершилик; Ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў
«Cake Bumer» тек ғана бизнес емес, ал үлкен социаллық мектеп болып есапланады. Хызметкерлердиң 80 проценттен асламын ҳаял-қызлар қурайды. Махира олар ушын арнаўлы жумыс үйретиў ҳәм тәжирийбе арттырыў бағдарламасын жолға қойған.
Жаслар да бул жерде өз жолын таўып атыр. Мәўсимлик жумыс орынлары арқалы студентлер ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлери оқыўдан тысқары ўақытларда ҳәм жазғы дем алыс күнлери ўақтынша ислеп тәжирийбе топлаў имканиятына ийе болмақта.
Ҳәр жылы «Cake Bumer» басламасы менен хызметкерлерге ҳәм олардың перзентлерине мектеп қураллары, кийим-кеншеклер саўға етиледи. Бул – компанияның жоқары социаллық жуўапкершиликке ийе екенлигинен дәрек береди.
2024-жылдан баслап ол 25-санлы “Байтерек” сайлаў округинен Халық депутатлары Нөкис қалалық кеңесине депутатлыққа сайланды. Депутат сыпатында ол кем тәмийинленген ҳәм майыплығы болған шаңарақларға жәрдем көрсетиў, жолларды абаданластырыў, пиядалар жолларын қурыў ҳәм ҳаял-қызларды исбилерменликке тартыў бағдарында жедел жумыс алып бармақта.
Ҳәр қандай мийнет итибардан шетте қалмайды
Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик жумысын кең ен жайдырыў менен бирге, шаңарақлық қәдириятларды үйлесимли раўажландырыўда айрықша мийнети ҳәм басламалары менен көзге түсип киятырған Махира Мамутованың мийнетлери Ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, усы жыл 15-май күни – «Халықаралық шаңарақ күни» мүнәсибети менен Ташкент қаласында өткерилген салтанатлы илажда “Ибратлы шаңарақ” көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, 8-март Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев тәрепинен оған “Ўатан пидайысы” көкирек белгиси салтанатлы түрде тапсырылды.
Жақында ғана Президентимиздиң 20-август “Исбилерменлер күни» мүнәсибети менен тараў ўәкиллеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында”ғы Пәрманы тийкарында Хожели районындағы “Cake bumer” жәмийети басшысы, бир ўақыттың өзинде Нөкис қаласындағы “Good Cafe” шаңарақлық кәрханасы баслығы болып жумыс алып барып атырған ол “Шуҳрат” медалы менен сыйлықланды.
Бул сыйлықлар заманагөй исбилермен ҳаялдың тек ғана исбилерменликте емес, ал шаңарақ, мәнаўият ҳәм жәмийеттиң раўажланыўында да үлги сыпатында тән алынғанын көрсетеди.
Жуўмақ
Бүгин «Cake Bumer» – Қарақалпақстандағы ең ири кондитер брендлеринен бири. Оның артындағы исбилермен ҳаял Махира исбилермен сыпатында жүзлеген жумыс орынларын жаратты, депутат сыпатында жүзлеген шаңарақларға жәрдем берди, ана сыпатында болса төрт перзентти тәрбиялап камалға келтирмекте. Президентимиз тәрепинен «Шухрат» медалы менен сыйлықланған Махира жаңа басламалар менен және де руўхланып, бизнесин еле де раўажландырыў жолында қәдем тасламақта.

-Тәўекелшиликтен қорықпаў керек. Тәўекелшилик пенен басланған бизнес жолы халық пенен тығыз байланыслы болыўға, жаңа имканиятларға жеткерди. Соның ушын ҳәр бир ҳаял-қызға айтарым, елимизде исбилерменликти раўажландырыў ушын жаратылып атырған имканиятлардан орынлы пайдаланыўды ҳәм қорықпастан өз бизнесин баслаўын мәсләҳәт етер едим,-дейди ол.
«Cake Bumer» – бул мазалы затлар бренди емес, ал бир ҳаялдың мийнет, ерк-ықрар ҳәм муҳаббат пенен жаратқан өмирлик әпсанасы болып есапланады. Бул жолда оның қасында күшли жәмәәт жәмлескен. Олардың алдында тек ғана бир мақсет бар, олда болса халыққа сапалы өним жеткериў ҳәм жақсы күнлерине қуўаныш бағышлаў.
Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги