Кадастр: Бир мәртелик төлемниң кешиктирилиўи ийелик ҳуқықын алыў мүддетин созбақта

Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармалары тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилип, журналистлер Нөкис қаласындағы Гөне қала МПЖда тараў қәнигелери тәрепинен әмелге асырылып атырған хатлаў жумысларының барысы менен танысты.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасының “Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имаратларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында”ғы нызамының орынланыўы бойынша Мәмлекетлик кадастрлар палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның районлық, қалалық филиаллары тәрепинен кең көлемли хатлаў жумыслары алып барылмақта. Ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында тараў қәнигелери үйме-үй жүрип пуқаралар арасында кадастр тараўындағы жаңалықлар, турақ жайларында өзгерислер ямаса қосымша қурылмалар салынса оны ҳүжжетлестириўдиң тәртип-қағыйдалары ҳаққында түсиник жумысларын алып барды. Журналистлер жумыс барысында кадастр қәнигелериниң турақ жайды өлшеўи, ҳүжжетлестириў процесслери менен танысып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
2025-жылы 166 мәҳәлледе хатлаў жумысларының әмелге асырылыўы белгиленгенлигин атап өтиўимиз орынлы. Усы нызамның орынланыўына аймақларда жәми 175 хызметкер тартылған. Буннан тысқары Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында жумысшы топар дүзилген. Бүгинги күнге шекем 48 498 көшпес мүлк объектлери хатлаўдан өткерилди. 34277 объект ҳаққындағы мағлыўматлар UZKAD мәлимлеме системасына жүкленген ҳәм 18640 объект “E’tirof” автоматластырылған системасына өткерилген, 14992 объект ҳәзирги ўақытта додалаў процесинде, 2401 объект ҳаққындағы мағлыўматлар Кадастр агентлигиниң рәсмий kadastr.uz сайтында ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында жәрияланды. 561 объект Әдиллик уйымлары тәрепинен үйренилмекте, 23 объект бойынша комиссия тәрепинен мүлк ҳуқықын тән алыўдан бас тартылған, 142 көшпес мүлк редакторлаў процесинде, 176 объект ийелериниң нызамда көрсетилген бир мәртелик төлемлерин төлеўи күтилмекте, 54 көшпес мүлк бойынша ҳуқықларын тән алыў ушын депутатлар кеңесиниң қарарларына киргизилген.
– Нызамға бола, унамлы жуўмақ қабыл етилген пуқараларға Кадастр агентлиги тәрепинен бир мәртелик төлемди әмелге асырыў бойынша смс-хабарнама жибериледи,-дейди Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Урунбаев.
Хабарландырыў тийкарында бир мәртелик төлемди әмелге асырғанларға ҳәр шеректе халық депутатлары Кеңесиниң қарары менен ҳуқықлар тән алынады. Бүгинги күнде унамлы жуўмақлар алған 176 пуқараға төлем бойынша смс-хабарнама жиберилген болып, бүгинги күнде мүлк ийелери тәрепинен төлемлерди әмелге асырыў процесинде тур. Пуқаралар тәрепинен бир мәртелик төлемлер әмелге асырылғаннан соң көшпес мүлк объектлерине мүлк ҳуқықларын тән алыўға ерисиў мүмкин болады.
Пуқараларымыз тәрепинен бир мәртелик төлемлерди төлеўди кешиктириўлери ийелик ҳуқықын алыў мүддетин созбақта ҳәм бул өз-өзинен нызам орынланыўын тәмийинлеўдеги мүддетлердиң бузылыўына себеп болып қалмақта.
Пуқараларымыздан усы нызам менен мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жаратып берилген қолайлық ҳәм имканиятлардан утымлы пайдаланып қалыўын, мүлклерине тән алынған ҳуқықларды рәсмийлестирип алыўы ушын бир мәртелик төлемлерин ўақтында төлеп бериўин сорап қаламыз.
Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасында баспасөз конференциясы өткерилип, қатнасыўшыларға тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўмат берилди.
Атап өтилгениндей, Кадастр агентлиги, Мәмлекетлик кадастрлар палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармаларының қәнигелери тәрепинен 2025-жыл даўамында Нөкис қаласының 28 мәҳәллесинде хатлаў жумыслары әмелге асырылыўы белгиленген. Усы жылдың 18-август күнги жағдайына бола 6105 көшпес мүлк объектлери хатлаўдан өткерилип, 1584 объект “E’tirof” мәлимлеме системасына киргизилди. 3786 объект ҳаққындағы мағлыўматлар UZKAD мәлимлеме системасына жүкленген ҳәм 1584 объект “E’tirof” автоматластырылған системасына өткерилген, 1417 объект ҳәзирги ўақытта додалаў процесинде, 165 объект ҳаққындағы мағлыўматлар Кадастр агентлигиниң рәсмий kadastr.uz веб-сайтында ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында жәрияланды. 2 объект Әдиллик уйымлары тәрепинен үйренилмекте.

Баспасөз конференциясында қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги