Мийрас мәселеси, нотариал ҳәрекетлер бойынша түсиниклер берилди

Алдын хабар берилгениндей, ҳәзирги ўақытта “Юксалиш” ҳәрекети тәрепинен, Өзбекстан Нотариал палатасы менен биргеликте “Нотариуслерден бийпул ҳуқықый билимлер!” сүрени астында гезектеги акция илажлары өткерилмекте.
Мақсет – пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, халық пенен пикирлесиў механизмин жаратыў, ҳуқықты қолланыў тараўында машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыўға қаратылған пикир-усынысларды таярлаў, сондай-ақ, пуқараларға ҳәр қыйлы ҳуқықый машқалалы мәселелерде әмелий жәрдем көрсетиўден ибарат.
Акцияның екинши күни Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў басқармасында өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў басқармасы баслығының орынбасары, майор А.Ярматов, “Юксалиш” ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов, Нотариал палатасы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының мәсләҳәтшиси М.Нарбаев ҳәм жеке меншик нотариуслар – Жеңисбай Айтмуратов ҳәм Мансур Нураддиновлар қатнасты.
Илажда әскерий бөлимде хызмет етип атырған 130 дан аслам әскерлер қатнасты.
Илажда нотариуслар тәрепинен акция қатнасыўшыларының нотариал тастыйықланған ҳүжжетлерге теңлестирилген исеним хатын, ўәсиятнаманы рәсмийлестириў ҳәм онлайн нотариал ҳәрекетлер бойынша ҳуқықый түсиндириў ҳәм нотариат тараўына байланыслы темаларда баянатлар өткерилди ҳәм қатнасыўшыларға ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.
Илаж жуўмағында жәми 15 пуқараға ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди. Соннан алтаўы мийрас мәселесинде ҳәм тоғызы басқа нотариал ҳәрекетлер бойынша болды.
Мағлыўмат ушын, “Юксалиш” ҳәрекети ҳәм Нотариал палата арасындағы бирге ислесиў 2020-жыл сентябрь айында еки шөлкем арасында қол қойылған Меморандум шеңберинде жолға қойылған. Усы ўақытқа шекем пуқаралардың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыў, нотариат тараўын реформалаў процесине пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери, эксперт ҳәм илимпазларды жедел тартыў, соның ишинде, қайырқомлық илажлары ҳәм орынларда үгит-нәсиятлаў жумысларын өткериў менен бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Акция 2020-жылдан баслап 6 жыл даўамында әмелге асырылып, қамтып алыў 2020-жылы 607, 2021-жылы 1166, 2022-жылы 2235, 2023-жылы 4140, 2024-жылы 4320 пуқараға көбейген. Быйыл да 5000 ға шамалас пуқараға бийпул мәсләҳәтлер бериў режелестирилген.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери