Халықаралық бирге ислесиўлер өз нәтийжесин бермекте

141

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен медицина тараўында халықаралық бирге ислесиўлерди жолға қойыў ҳәм сырт ел тәжирийбесин елимизге алып кириў бойынша бир қатар унамлы илажлар әмелге асырылмақта.

Усындай әмелий илажларды еле де даўам еттириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Курбанов усы жылдың февраль айында Ҳиндстан мәмлекетиндеги хызмет сапары даўамында “Sharda Hospital” клиникасының директоры мырза Гопта менен денсаўлықты сақлаў тараўын раўажландырыў мақсетинде өз-ара бирге ислесиў бойынша Меморандумға қол қойған еди.

Усы Меморандумға тийкарланып, Ҳиндстан мәмлекетиндеги “Sharda Hospital” клиникасының бир қатар тәжирийбели шыпакерлери елимизге жетип келди.


Ҳәзирги ўақытта сырт елден келген тәжирийбели невропотолог шыпакерлер Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалында, ал онколог шыпакерлери Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайының Қарақалпақстан филиалында пуқараларды медициналық тексериўлерден өткерип, мәсләҳәтлер бермекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги