Хожелиде корейс алмуртының жаңа сорты жетистирилмекте

238

Нашваты алмурты (Aziya almurtı, Nashi, Pyrus pyrifolia) Шығыс Азия мәмлекетлеринен келип шыққан болып, Японияда “Нашы алмурты” аты менен белгили.

Мийўеси домалақ, алма тәризли, қабығы сары-жасыл, үстинде майда ақ ноқатлары бар. Дәми мазалы ҳәм суўлы.

Хожели районындағы “Мустақиллик” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Камил Алламбергенов Кореядан бул алмуртты алдырып, өз бағына еккен. Ҳәзир оның бағында 15 түп корейс алмуртлары бар. Камил Алламбергеновтың айтыўынша, бул алмурттың абзаллығы сонда, ол бир жылда мийўеге киреди.

– Маған Кореяда жумыс ислеп жүрген инилерим сол жақтағы алмурт бағын көрсетип, бизлерде де егип көр, деп усыныс берип еди. Нәл жиберди. Бул алмурттың өзгешелиги ол бир жылда мийўе берип баслайды екен. Ҳәр мийўеси 1-2 килограммға шекем болады екен. Быйыл мийўени көп салып жиберди. Бирлеп азайттым. Нәлин жетистирип көбейтип атырман. Бул мийўе ағашының және бир қәсийети ийилиўшең екен. Жүзимге уқсатып асылдырып қойыўға да болады,-дейди Кәмил Алламбергенов.

Жақсысы бул ҳаққында дийқанның өзинен еситсек:

Қарақалпақстан хабар агентлиги