Мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында кадрлар потенциалы арттырылады

Жақында Экономика ҳәм қаржы министрлиги Мәмлекетлик сатып алыўлар сиясаты департаментиниң директоры Сарвар Назаров, Азия раўажланыў банкиниң мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша бас қәнигеси Жулиан Дозчи ҳәм АҚШтың “Charles Kendall Consulting” компаниясы директоры Скот Дикенниң қатнасыўында еки тәреплеме ушырасыў болып өтти. Бул ҳаққында министрлик мәлимлеме хызмети мәлим етти.
Сөйлесиўде Өзбекстанда мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында қәнигелерди кәсиплик таярлаў ҳәм олардың маманлығын турақлы арттырыў бойынша тийисли система жаратыўға қаратылған биргеликтеги жойбарды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Дәслепки басқышта мәмлекет көлеминде мәмлекетлик сатып алыўлар қәнигелигине болған қызығыўшылық ҳәм мүтәжлик, оқыў орайлары ҳәм менторлардың потенциалын таллаўға бағдарланған үйрениўлерди шөлкемлестириў белгиленди. Сондай-ақ, жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте оқыў қолланбаларын ислеп шығыў ҳәм оларды билимлендириў мәкемелери оқыў бағдарламаларына киргизиў мәселеси де көрип шығылды.
Сарвар Назаровтың атап айтқанындай, оқытыў процесинде сертификация системасын енгизиў үлкен әҳмийетке ийе.
-Сертификация тийкарында қәнигелердиң маманлығын баҳалаў методологиясын ислеп шығыў, сондай-ақ, бул ўазыйпаны әмелге асырыўда ўәкилликли уйымды белгилеў зәрүр. Усы мүнәсибет пенен Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Оқыў орайында қәнигелерди кәсиплик таярлаў, маманлығын арттырыў ҳәм сертификатлаў процесслерин жолға қойыў усыныс етилди, – деди ол.
Ушырасыў шеңберинде жумысшы топар дүзилип, оған жылдың ақырына шекем жойбарды әмелге асырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар ҳәм зәрүр илажлар белгилеп берилди. Атап айтқанда, мәмлекетлик хызмет классификаторына “мәмлекетлик сатып алыўшы қарыйдар” кәсибин киргизиў мәселеси де додаланды.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында басқа бағдарларда да бирге ислесиў имканиятлары талланды ҳәм келешекте бул мәселелер бойынша сөйлесиўлерди даўам еттириўге келисип алынды.
Н.Зиёдуллаева, ӨзА