«Әрманларын тиккен қоллар”

155

20-август -Исбилерменлер күни

 сөз пидайы исбилермен Надира Қутлымуратова ҳаққында

Бүгинги күнде елимизде исбилерменликке жол кең, имканиятлар болса шексиз. Әсиресе, ҳаял-қызларымызға жаратылып атырған шараятлар ҳәм билдирилип атырған исеним – олардың турмысын жаңадан баслаў, өз күшин көрсетиўи ушын беккем тийкар болып хызмет етпекте. Президентимиздиң атап өткениндей, “Ҳәр бир пидайы исбилермен – бул жаңа Өзбекстанның сүйениши, экономикамыздың локомотиви.”

Усындай пидайы инсанлардың бири берунийли  Надира Қутлымуратова. Ол өзиниң мәртлиги ҳәм мийнет сүйгишлиги менен тек ғана аймаққа емес, ал пүткил районға белгили. Надираны турмыс сынақлары да жолынан қайтара алмады. Ол  2-топар майыбы болыўына қарамастан, “қолымнан келмейди” деген сөзди ҳеш қашан қолланбаған. Керисинше, әрманларына тигиў машинасының даўысы менен жол ашты.

Дәслеп үйиниң шетиндеги кишкене бөлмеде, буйыртпа тийкарында мәҳәлле ҳаялларына кийимлер тиккен болса, жыллар өтип, қасына үш-төрт қызды алып, киши цех ашты. Ҳәр бир пишилген гезлеме, тигилген кийим – оның қәлбиндеги әрманлары, меҳир ҳәм мақтанышынан дәрек беретуғын еди.

Ал бүгин Надира район көлеминде ири исбилермен сыпатында танылған. Ҳәзирги ўақытта ол жаңа, еки қабатлы заманагөй өндирислик имаратты қурыў алдында. “Мақсетим – имканы барынша көбирек адамды жумыс пенен тәмийинлеў, тиккен кийимлерим инсанларға қуўаныш алып келсин. Ҳәзирше 25 жумыс орнымыз бар, жаңа имарат питкеннен кейин 100 жумыс орнын жаратып, өзим сыяқлы социаллық жәрдемге мүтәж ҳаялларды да бәнт етпекшимен,” – дейди ол исеним менен.

Надираның цехында “Ҳаял-қызлар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери”не киргизилген, кем тәмийинленген шаңарақлардың қызлары да ислейди. Бул болса оны тек ғана исбилермен емес, ал елге меҳир бағышлайтуғын инсан сыпатында көрсетеди.

Ол Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының белсенди ағзасы болып, партия илажларында турақлы қатнасады. Ҳәр жылы өткерилетуғын “Исбилермен ҳаял” таңлаўында өз өнимлери менен жоқары орынларды ийелеп келеди. 2023-жылы “Ең жақсы бизнес жойбар” таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында сыйлы екинши орынды қолға киргизди.

20-август – мәмлекетимизде “Исбилерменлер күни” сыпатында белгиленеди. Усы мүнәсибет пенен биз Надира Қутлымуратова ҳәм барлық елимиз исбилерменлерин қызғын қутлықлаймыз. Сизлер – жаңа Өзбекстанның дөретиўшилери, арзыў-нийетлеримизге қанат бағышлайтуғын күшсиз. Жолыңыз ашық, мийнетиңиз берекетли болсын!

 

Амангул ЕСЕМУРАТОВА , ӨзЛиДеП  Қарақалпақстан  Республикасы Кеңеси  Жәмийет пенен байланыслар, мәлимлеме сиясаты ҳәм үгит-нәсият жумыслары бөлими баслығы