“Бес саға” аўылындағы 357 хожалықтың қыйтақ жерине суў жетип баратуғын болды

143

Депутат халық пенен ҳүкимет арасындағы көпир ўазыйпасын атқаратуғын исенимли ўәкил десек алжаспаймыз. Халықтың арасында болып оларды қыйнап киятырған машқалаларды шешиўге жәрдемлесиў депутатқа жүкленген әҳмийетли ўазыйпа есапланады.

Нөкис районында сайлаўшыларының бир неше машқалаларын үйренип, унамлы шешиўге ерискен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Алишер Джуманазаровтың басламасы менен және бир машқала өз шешимин тапты. Яғный, оның  қәўендерлигинде “Бес саға” аўыл пуқаралар жыйынындағы халықты қуўандырған әҳмийетли жумыс әмелге асырылды. Енди бул аўылдағы 357 хожалықтың үй алды қыйтақ жерлерине суў жетип баратуғын болды.

Алдын депутат  “Үлгили мәкан” мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқаралар менен ушырасыў өткерген еди. Онда “Бес саға” аўылының турғынлары қыйтақ жерлерин суўғарыў имканияты болмай  атырғанын билдирип, аўыл аймағынан өтип турған “Бес саға” каналы арқалы суў алып келиў мәселесин көтерген. Олар заманагөй суў насосы орнатылыўы ҳәм узынлығы 2 километр болған жаңа жап қазылыўы керек екенлигин атап өткен.

Мәселе бойынша жедел шара көрген депутат өз қаржылары есабынан бул жумысларға қәўендерлик етти. Экскаватор жәрдеминде 2 километр аралықта жаңа жап қазылып, заманагөй суў насосы барлық зәрүр үскенелери менен бирге орнатылды.

Бул жаңалық аўыл халқы ушын үлкен қолайлық жаратты. Енди қыйтақ жерлерди нәтийжели суўғарыў, көклемзарластырыў ҳәм түрли егинлер жетистириў имканияты пайда болды. Бул тек ғана халықтың турмысында унамлы өзгерислерге себеп болып қоймастан, ал аўыл хожалығын раўажландырыўға да хызмет етеди.

Аўыл халқы өзлериниң көп жыллық машқаласы шешилгенинен қуўанышлы. Олар депутат Алишер Джуманазаровқа билдирген миннетдаршылығында, бундай әмелий жумыслар халық ўәкили сыпатындағы ҳақыйқый жуўапкершилигин көрсететуғынын атап өтти.

                                                                       Қарақалпақстан хабар агентлиги