Заманагөй жол өткели пайдаланыўға тапсырылды

220

Халықтың турмыс тәризи ҳәм ҳәрекетлениў қәўипсизлигин тәмийинлеўде инфраструктураның роли үлкен. Аймақларда бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар халықтың күнделикли турмысын жеңиллетиўге хызмет етпекте. Усы мақсетте Әмиўдәрья районында және бир әҳмийетли қәдем қойылды – Назархан аўылында жаңа жол өткели пайдаланыўға тапсырылды.

Бул қурылма «95В021е) «Назархан» АПЖ ға (738 км.ден)» автомобиль жолының 0-1 километр аралығындағы темир жол үстинен өткерилген болып, транспорт қуралларының үзликсиз ҳәрекетин тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе. Енди аўыл халқы ушын да ҳәрекетлениў бир қанша қәўипсиз ҳәм қолайлы болады,- деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Жол өткелиниң қурылысына заманагөй көзқараста қатнас жасалған. Пайдаланыўға тапсырыў мәресиминде район ҳәкими С.Хўжаметов, оның орынбасарлары, қурылыс шөлкемлери ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Илажда ҳәким бул жойбар арқалы халық ушын және бир қолайлы шараят жаратылғанын атап өтти.

Жаңа имарат тек ғана транспорт ағымын жеңиллестирип қоймастан, ал халықтың улыўма турмыс сапасына да унамлы тәсир көрсетеди. Бундай инфраструктуралық жойбарлар аймақтың раўажланыўына хызмет ететуғыны сөзсиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги