Жалғыз баслы ананы жалғызлатып қоймады

Байрамларда қәўендерликке мүтәж инсанларға көрсетилип атырған қайырқомлық илажлар, елимиздеги татыўлықты, халықлар дослығын беккемлеўдиӊ, жәрдемге мүтәж инсанларға социаллық жәрдем көрсетиўдиӊ әмелий көриниси болып есапланады. Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы алдынан да усындай қайырқомлық илажлары даўам етпекте.
Нөкисли Наталья Маткаримова рус миллетиниң ўәкили. Ол Нөкис қаласында туўылып, кәмалға келген. Кеӊпейил қарақалпақ елиниӊ топырағында қатарлары менен аўызбиршиликли ойнап өсти. Бир неше жыллар даўамында денсаўлықты сақлаў тараўында орта буўын медицина хызметкери болып халыққа хызмет көрсетип келди.
Тилекке қарсы, Натальяныӊ 1995-жылы туўылған перзенти Руслан Маткаримов балалығынан I топар майыбы. Наталья Маткаримова 30 жылдан берли усы перзентине қарап келмекте. Перзенти өзин-өзи басқарыў имканиятына ийе емес. Соныӊ менен бирге, ол соңғы жылларда қантлы диабет кеселлигине де шатылған.
Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниӊ 34 жыллығы байрамы қарсаӊында Аралды Қутқарыў Халықаралық қоры Атқарыў комитети Наталья Маткаримованыӊ шаӊарағынан, перзентиниӊ жағдайынан хабар алды. Майыплығы болған перзентине зәрүрли материаллық жәрдем көрсетилди.
– Мен бул жақсылықларды ҳеш қашан умытпайман. Улым кесел болып қалғанда, қолымнан ҳеш нәрсе келмей, қыйналып жүр едим. Гейде оныӊ жағдайы қатты аўырласып қалады. Қаржы азлығынан зәрүр емлерди өз ўақтында алыў имканияты да болмады. Усындай бир пайытта Аралды Қутқарыў Халықаралық қоры Нөкис филиалы хызметкерлери есигимди қағып кирип, жағдайымыздан хабар алды. Жалғыз баслы ананы жалғызлатып қоймады. Олар тек ғана, қаржылай жәрдем берип қоймастан, мени руўхый жақтанда да қоллап-қуўатлады. Мине, усы жәрдем бизге умит бағышлады, перзентимниң өмири ушын гүресиўиме күш бағышлады. Бизге көрсетилген қайырқомлық жәрдемнен төбем көкке жетти. Бүгин Қарақалпақстанда түрли миллет ўәкиллери дослық ҳәм аўызбиршилик пенен жасап келмекте. Мен усы елдиӊ дузын ишип, нанын жедим. Мен елимиздеги улыўмаинсаныйлық қәдирияттан миннетдарман, ал, көрсетилип атырған меҳир –муҳаббаттан болса, көзиме жас келди,-дейди Н.Маткаримова.
Қарақалпақстан хабар агентлиги