Ташкентте және бир абырайлы әнжуман басланды

136

Пайтахтымыздағы “InterContinental Tashkent мийманханасында “Улыўма раўажланыў жолында бирге ислесиў” сүрени астында Өзбекстан, Әзербайжан ҳәм Европа жоқары дәрежедеги ушырасыўы басланды.

Бул абырайлы мәжилис Низамий Гәнжаўий халықаралық орайы, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты, Стратегиялық реформалар агентлиги ҳәм Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген.

Итибарлы тәрепи, форумда ҳүкиметимиз ўәкиллери менен бирге ҳәр қыйлы регионлардан 30 ға шамалас бурынғы мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары қатнаспақта. Күн тәртибинде Евроазия мәмлекетлери стратегиялық қарым-қатнасын алға қойыў мақсетин гөзлеген бирге ислесиўдиң көп тәреплемели бағдарлары қамтып алынған.

Форумның ашылыўында дәслеп мәмлекетимиз басшысының әнжуман қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыртқы сиясат бойынша кеңесгөйи Абдулазиз Комилов оқып еситтирди.

– Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ арасындағы байланыслылық мәселелери және бул еки ири регионның Европа менен бирге ислесиў перспективасы бүгинги додалаўлар күн тәртибиниң орайлық темасына айланыўы әҳмийетли, деп есаплаймыз,-делинеди қутлықлаў текстинде. Сондай-ақ, мүрәжатта «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» саммитинде регионымыз ҳәм Евроаўқам мәмлекетлери арасында стратегиялық шериклик орнатыў ҳаққында тарийхый қарар қабыл етилгени айрықша атап өтилди.

Әнжуман алдында Низамий Гәнжаўий атындағы халықаралық орайдың жәрдемши баслығы Исмоил Серагелдин, Сербияныӊ бурынғы Президенти Борис Тадич, БМШ Бас Ассамблеясы 73-сессиясының баслығы, 2017-2018-жылларда Эквадордың бурынғы сыртқы ислер ҳәм қорғаныў министри лаўазымларында ислеген Мария Фернанда Эспиноза шығып сөйлеп, Өзбекстанның Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ бирге ислесиўин беккемлеў жолындағы умтылысларын жоқары баҳалады.


Буннан тысқары, жоқары мәртебели мийманлар Өзбекстанның IТ стартапларды қоллап-қуўатлаў, финанслық технологиялар ҳәм электрон ҳүкиметти раўажландырыў тараўларына қәнигелескен халықаралық рейтинглердеги жоқары нәтийжелерин атап өтти. Усы көзқарастан, алдынғы санлы шешимлер ҳәм илимий қолланбаларды әмелге асырыўда кооперацияны күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Жасалма интеллектти енгизиў регион мәмлекетлери ушын тек ғана турақлы өсиў ҳәм инновациялық раўажланыў емес, ал глобал бәсекиге шыдамлылықты арттырыў имканиятын беретуғыны көрсетип өтилди.

Илаждың толық мағлыўматларын ӨзАда бақлап барың.

Өткир Алимов,

Аслиддин Алижонов (фото),

ӨзА