Тараў экспортқа қолайлы тармақ сыпатында қәлиплеспекте

160

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында “Фермер хожалықларында көп тармақлы жумысты раўажландырыў машқалалары ҳәм ўазыйпалары” атамасында әмелий конференция болып өтти.

Оған Өзбекстан Фермерлер кеңесиниң басшылары, республика фермер хожалықларының ўәкиллери, ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң белсендилери қатнасып, илаж ашық-айдын ҳәм конструктивлик пикирлесиў майданына айланды.

Конференцияда ӨзЛиДеП Сиясий Кеңесиниң ҳәм Өзбекстан Фермерлери кеңесиниң баслығы Актам Хаитов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Шухрат Тешаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимиз тәрепинен аўыл хожалығы тараўының ўәкиллерине системалы түрде көрсетилип атырған жәрдемлер, жеңиллетилген кредитлер, туқым ҳәм нәл ушын ажыратылып атырған субсидиялар, заманагөй техникалар ҳәм зүрәәтти базарға жеткериўде әмелий жәрдем бериў мүмкиншиликлерине кеңнен тоқтап өтти.

Мәжилисте атап өтилгениндей, аўыл хожалығын санластырыў ҳәм көп тармақлы фермер хожалықларын раўажландырыў – бул мәмлекеттиң аграр потенциалын толық жүзеге шығарыўға қаратылған тийкарғы бағдар болып есапланады. Мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған қоллап-қуўатлаў, инновациялық шешимлер ҳәм фермерлердиң белсендилиги себепли бүгин аўыл хожалығы тараўы тек ғана экономикалық өсиў дереги емес, ал заманагөй, бәсекиге шыдамлы ҳәм экспортқа қолайлы тармақ сыпатында қәлиплесип бармақта.

– Соңғы жыллары овощ ҳәм палыз өнимлерин тиккелей экспорт етиў имканиятына ийе болдық. Жеңиллетилген кредитлер себепли заманагөй тамшылатып суўғарыў системасы сатып алынды. Өним дерлик еки есеге артты,-дейди “Қоңыратбай Меҳрий” фермер хожалығының баслығы С.Айтмуратов.

Хожелиши фермер Т.Маткаримова болса фермерлерди жаңа технологияларға оқытыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама оған ыссыханада помидор жетистириўди жолға қойыўға жәрдем бергенин атап өтти.

– Бурын помидорды тек ашық майданда жетистиретуғын едик ҳәм мәўсимге байланыслы едик. Енди ыссыханаларда жыл даўамында өним аламыз, туқымын өзлеримиз жетистирип базарға да шығарамыз. Бул турақлы дәрамат, жаңа жумыс орынлары ҳәм қыс айларында да өним жеткерип бериў имканиятын берди.

Конференцияда аўыл хожалығында санлы технологияларды енгизиў бағдарында алып барылып атырған жумыслар да айрықша атап өтилди. Атап айтқанда, agro.gov.uz платформасы арқалы фермерлер ушын жер ижарасы, субсидиялар, туқымгершилик, өнимлерин базарға шығарыў ҳәм суў ресурсларын басқарыў сыяқлы бағдарлар санластырылған. Бүгинги күнде бул системалар арқалы 3,2 миллион гектар жер қадағалаўға алынған, 1,4 триллион сумлық субсидиялар тарқатылған ҳәм 843 мың дийқан санлы ижара системасына тартылған.

Бул санлы көзқараслар фермерлердиң жумысын жеңиллестирип, исенимли мағлыўматлар тийкарында қарар қабыл етиў имканиятын жаратпақта. 2025-жылдан баслап жаңа әўлад инновациялық платформалары – AgroMonitoring, AgroDocs, Hosil Qabul 2.0  сыяқлы жойбарлардың енгизилиўи режелестирилген болып, бул тармақтың және де ашық-айдын, нәтийжели ҳәм технологиялық раўажланған тараўға айланыўы күтилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги