Сенат Баслығы басшылығындағы Өзбекстан парламент делегациясы Қазақстан Республикасына келди

146

Усы жылдың 18-август күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Нарбоева басшылығындағы парламент делегациясы Қазақстан Республикасы Парламенти Сенатының Баслығы Маулен Әшимбаевтың мирәт етиўине бола Астана қаласына рәсмий сапар менен келди.

Сапар етиў шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Қазақстан Республикасы Парламенти Сенаты арасында 2025-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша “жол картасы”на қол қойыў режелестирилген. Ҳүжжет парламентлераралық сөйлесиўди беккемлеў ҳәм еки тәреплеме күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған.

Сапар бағдарламасына муўапық Сенат Баслығы Танзила Нарбоеваның Қазақстан Республикасы Парламенти Сенатының Баслығы Маулен Әшимбаев, Қазақстан Республикасы Парламенти Мәжилисиниң Баслығы Ерлан Кошанов, сондай-ақ, Қазақстан Республикасы Президенти жанындағы Ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақлық-демографиялық сиясат ислери бойынша миллий комиссия ағзалары менен ушырасыўлары нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, делегация ағзалары Өзбекстан ҳәм Қазақстан илимий-дөретиўши зыялыларының биринши форумында да қатнасады, сондай-ақ, “Астана” халықаралық финанс орайының жумысы менен танысады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги