Түркиялы актёрлар менен биргеликте спектакль сахналастырылмақта

300

Стамбул қаласындағы белгили “Tiyatro Kayfi” театрының директоры ҳәм режиссёры Кемал Башар Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрына келип, ол театр директоры П.Мамутов ҳәм дөретиўшилик жәмәәт тәрепинен жақсы күтип алынды,-деп хабар бермекте Мәденият министрлигиниң мәлимлеме хызмети.

Мийман дәслеп театр сахнасы, дөретиўшилик устаханалары ҳәм сахна арты турмысы менен жақыннан танысты. Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары И.Хожаназаровтың қатнасыўында актёрлар менен қызғын сәўбетлесиўлер өткерилип, көркем өнерге болған қатнас ҳәм дөретиўшилик тәжирийбелер менен ортақласты. Сәўбетлесиў даўамында еки театр арасында келешекте әмелге асырылыўы режелестирилген бирге ислесиў жойбарлары ҳаққында кеңнен пикир алысты. Бул ушырасыў еки халықтың мәдениятын жақынластырыўшы, дөретиўшилик бирге ислесиўдиң жаңа шыңларын ашыўшы әҳмийетли қәдемлерден есапланады.

Мағлыўмат ушын, усы театр жәмәәти Түркияның Стамбул қаласында өткерилген “7-Этноспорт” мәденият фестивалында қатнасып, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының директоры П.Мамутов ҳәм Стамбул қаласындағы “Tiyatro Kayfi”  театрының директоры Кемал Башар арасында дүзилген Меморандумға муўапық, август айында түркиялы дөретиўшилер Қарақалпақстанға дөретиўшилик сапар менен келиўи, жаңа спектакль сахналастырылыўы келисип алынған еди.

Бүгинги күнде биргеликтеги спектакльди сахналастырыў бойынша таярлық жумыслары басланды.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги