Гүзги-қысқы мәўсимге таярлық – кешиктириўге болмайтуғын илажлар

229

Газ тәмийнаты тараўы хызметкерлери бүгингидей ашық-жақты күнлерде дыққат итибарды газ тармақларын гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў жумысларына қаратпақта.

Гүзги-қысқы мәўсимде тутыныўшыларға бир тегис тәбийғый ҳәм суйылттырылған газ жеткерип бериўде дус келетуғын машқалалардың алдын алыўда газ тармақларын техникалық тексериўден өткериў әҳмийетли саналады.

Ҳәзирги ўақытта тараў қәнигелери орынларда газ тармақларына ири оңлаў, қурылыс, реконструкциялаў жумыслары менен бирге, машқалалы аймақлардағы газ тәмийнаты менен байланыслы  мүрәжатларды үйренип, оларды сапластырыў жумысларына итибар қаратпақта.

– «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы тәрепинен 2025-2026-жылғы гүзги-қысқы мәўсимде газ тәмийнатының турақлылығын тәмийинлеўде мәнзилли бағдарлама тийкарында белгилеп алынған илажлар бойынша орынларда кең көлемли қурылыс, реконструкциялаў, ири оңлаў жумысларын алып бармақта,-дейди Нөкис районлық газ тәмийнаты бөлиминиң бас инженери Ы.Бахиев.

Нөкис районындағы Дарсан мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Жийдели» аўылы, Ақ терек мәкан пуқаралар жыйыны, Қырантаў ҳәм Бақаншақлы аўыл пуқаралар жыйыны аймақларындағы тутыныўшыларды ҳәм социаллық объектлерди тәбийғый газ бенен тәмийинлеўши Д-219 мм.лик орта басымлы газ тармағының 1,7 километрлик бөлегин жер үстине шығарыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылмақта.



Мағлыумат ушын, Нөкис районында 10167 жеке тутыныўшы ҳәм 127 көтере тутыныўшылар тәбийғый газ бенен тәмийинленген. Оларға тәбийғый газ жеткерип бериўде район бойынша жәми 477,5 километрлик узынлықтағы газ тармақлары ислеп турыпты. Солардың 12,1 километрлик бөлеги жоқары, 156,8 километрлик бөлеги орта, 308,6 километрлик бөлеги төмен басымлы газ тармақлары болып есапланады.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги